Кейинги жыллары мәмлекетлеримиз арасындағы туўысқанлық, дослық, ҳәр тәреплеме пайдалы бирге ислесиў барған сайын беккемленбекте. Оған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитлери сыяқлы халықаралық платформалар кеңнен жол ашпақта.

Шөлкемниң Анкара қаласында болып өткен 13-саммити де мине усы бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм перспективалы басламалар ушын жаңа имканиятларды белгилеў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев саммитте бир қатар басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, елимизде сырт елли жаслар ушын шөлкемлестирилген "Жаңа Өзбекстан стипендиясы" шеңберинде түркий мәмлекетлер ўәкиллерине ҳәр жылы билимлендириў грантлары ажыратылатуғыны билдирилди. Барлық түркий халықлар ушын бирдей түсиникли болған ҳәм тиллеримиздеги улыўма сөзлерди жәмлейтуғын улыўма түркий сөзлер сөзлигин жаратыў усынысын берди. Онда, әлбетте, жоқары билимлендириў мәкемелериниң қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимизде жоқары билимлендириўди модернизациялаў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, илим ҳәм өндиристиң интеграциясын күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы бағдардағы басламалардан бири Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң шөлкемлестирилиўи болып есапланады. Президентимиздиң 2025-жыл 24-январьдағы қарарына муўапық Ташкент қаласында шөлкемлестирилген бул университет түркий мәмлекетлер арасында жоқары билимлендириў, илим, инновациялар ҳәм технологиялар тараўындағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған.

Университет халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында заманагөй экономика талапларына жуўап беретуғын, жоқары маманлықтағы ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў, сондай-ақ, қоспа академиялық ҳәм илимий изертлеў жойбарларын раўажландырыўды тийкарғы мақсетлери сыпатында белгилеп алған. Ол түркий мәмлекетлердиң илимий ҳәм интеллектуаллық потенциалын бирлестириў, билимлендириў системалары арасында әмелий байланысларды беккемлеў ҳәм халықаралық тәжирийбени миллий билимлендириў орталығына алып кириў ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Хош, бул мақсет жолында қандай жумыслар исленбекте? Бәринен бурын, билимлендириў бағдарламалары бирге ислесиўши университетлердиң бағдарламалары менен муўапықластырылмақта. Сондай-ақ, сырт елли профессор-оқытыўшыларды оқыў процесине тартыў, заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў ҳәм студентлердиң өндирислик әмелиятын халықаралық бирге ислесиў тийкарында жолға қойыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул болса университетти әпиўайы билим бериў орнынан билимлендириў, изертлеў ҳәм өндиристи өз-ара байланыстыратуғын заманагөй академиялық орталыққа айландырыўға хызмет етпекте.

Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң жумысында Түркия, Әзербайжан ҳәм Қазақстанның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди. Соның ишинде, 2025-2026-оқыў жылында Түркия университетлери менен бирге ислесиў тийкарында бес билимлендириў бағдары бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылды.

2026/2027-оқыў жылында бирге ислесиў географиясы Әзербайжан ҳәм Қазақстан университетлери менен жаңа бағдарлар есабынан кеңейтилмекте. Нефть ҳәм газ иси, химия инженерлиги, геологиялық-излеў жумыслары техникасы ҳәм технологиясы, телекоммуникация технологиялары, халықаралық ҳәм салыстырмалы ҳуқық бағдарларында және бес бағдарламаны енгизиў белгиленген.

Бул бағдарда Әзербайжан мәмлекетлик нефть ҳәм санаат университети, Әзербайжан техника университети ҳәм Ал-Форобий атындағы Қазақ миллий университети менен бирге ислеспекте. Еки оқыў жылына мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламалары шеңберинде он билимлендириў бағдарын қамтып алыў нәзерде тутылған. Бул болса университеттиң ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң тәжирийбесин бир академиялық орталықта үйлестириўге умтылып атырғанын көрсетеди.

Халықаралық бирге ислесиў нәтийжеси, бәринен бурын, оның билимлендириў процесинде қалай сәўлелениўи менен өлшенеди. Буның ушын маман педагоглар, заманагөй оқыў бағдарламалары, илимий лабораториялар ҳәм студентлердиң әмелий көнликпелерин раўажландырыўға мөлшерленген инфраструктура зәрүр.

Түркий мәмлекетлер халықаралық университетинде усы бағдарларда әмелий жумыслар исленбекте. Соның ишинде, 2026-жыл март айында медицина бағдары студентлери ушын клиникалық симуляция ҳәм әмелий көнликпелер орайының жумысы жолға қойылды. Ҳажеттепе университетиниң оқыў бағдарламалары ҳәм клиникалық стандартлары тийкарында үскенеленген орайда студентлер қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, дәслепки диагноз қойыў ҳәм емлеў алгоритмлерин заманагөй тренажёрлар ҳәм роботластырылған үскенелер жәрдеминде шынығыў имканиятына ийе.

Түркий мәмлекетлер арасында жоқары билимлендириў интеграциясын тереңлестириўде академиялық мобиллик айрықша орын ийелейди. Студентлердиң басқа мәмлекетте белгили бир мүддет оқыўы, профессор-оқытыўшылардың лекциялар оқыўы, изертлеўшилердиң биргеликтеги жойбарларда қатнасыўы билим ҳәм тәжирийбе алмасыўды күшейтеди.

Академиялық мобиллик нәтийжели болыўы ушын өз ара тән алынатуғын оқыў нәтийжелери, муўапықластырылған билимлендириў бағдарламалары, ашық-айдын баҳалаў критериялары ҳәм студентлер ушын түсиникли ҳәкимшилик тәртиплер зәрүр. Бундай механизмлер билим алыўшылардың бир мәмлекетте ийелеген билимлерин басқа мәмлекетте даўам еттириўине қолайлық жаратады.

Усы мәнисте, түркий мәмлекетлер шеңберинде академиялық мобиллик бағдарламаларын раўажландырыў, грант ҳәм стипендия имканиятларын кеңейтиў, биргеликтеги диплом бағдарламаларын көбейтиў перспективалы ўазыйпалардан болып есапланады.

Биргеликтеги диплом бағдарламалары студентлерге еки мәмлекеттиң академиялық тәжирийбесинен пайдаланыў имканиятын береди. Бирақ бундай бағдарламалардың табысы билимлендириў мазмуны муўапықлығы, сапа қадағалаўы ҳәм питкериўшилер маманлығы тән алыныўы сыяқлы мәселелер пуқта шешилгенине байланыслы.

Және бир әҳмийетли бағдар жас илимпазлар ҳәм стартап басламаларды қоллап-қуўатлаў болып есапланады. Ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген студентлер ҳәм изертлеўшилерди бирлестиретуғын илимий таңлаўлар, инновациялық жойбарлар ҳәм стартап акселераторлар жаңа идеялардың пайда болыўына, әмелиятқа енгизилиўине жәрдем береди.

Бүгин түркий мәмлекетлер алдында үлкен имканиятлар менен бирге, әҳмийетли ўазыйпалар да тур. Жәҳән экономикасындағы өзгерислер, технологиялық бәсеки, экологиялық машқалалар ҳәм мийнет базарының жаңа талаплары билимлендириў системасынан турақлы жаңаланыўды талап етпекте.

Бундай шараятта мәмлекетлеримиздиң ең үлкен байлығы — инсан капиталы. Жаслардың сапалы билим алыўы, заманагөй кәсиплерди ийелеўи, еркин пикирлеўи ҳәм жаңа идеялар жарата алыўы мәмлекетлеримиз келешегин белгилейди.

Соның ушын жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўге тек ғана бүгинги кадрларға болған талапты қанаатландырыў қуралы сыпатында қараў дурыс болмайды. Ол узақ мүддетли раўажланыў, илимий потенциалды арттырыў ҳәм келешек әўлад ушын жаңа имканиятлар жаратыўға қаратылған стратегиялық бағдар болып есапланады.

ТМШ шеңбериндеги бирге ислесиўди және де раўажландырыў арқалы университетлеримиз арасындағы байланысларды беккемлеў, биргеликтеги изертлеўлер көлемин кеңейтиў ҳәм жасларымыздың халықаралық академиялық орталықта өз потенциалын көрсетиўи ушын шараят жаратыў мүмкин.

Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң жумысы да әне усы мақсетлерге хызмет етеди. Билимлендириў ҳәм илим тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў түркий мәмлекетлердиң интеллектуаллық потенциалын буннан былай да арттырыўға үлес қосады. Бул болса тек ғана университетлеримиз емес, ал пүткил регионның инновациялық раўажланыўы, экономикалық бәсекиге шыдамлылығы ҳәм турақлы келешеги ушын айрықша әҳмийетке ийе.

Баҳодир ТУРАЕВ,

Түркий мәмлекетлер халықаралық университети ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшысы