Мәжилисте Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Өзбекстан ҳәм ҒМДА Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў даўамында экспертлер Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлерден келип түскен пикир-усынысларды көрип шықты. Додалаў жуўмақлары бойынша ҳүжжет көпшилик даўыс пенен мақулланды ҳәм белгиленген тәртипте ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң додалаўына киргизиледи.

Келисим жойбары мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары жумысқа жайласқан мәмлекетте болыў дәўиринде медициналық жәрдемнен пайдаланыў имканиятын кеңейтиўге қаратылған.

Атап өтилиўинше, мигрантларды медициналық тәмийинлеў мәселеси ҒМДА ҳәм дүньяның басқа да мәмлекетлери ушын әҳмийетли. Көплеген мийнет мигрантлары, әсиресе, төмен маманлықтағы жумысларда бәнт болғанлар медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларының шекленгени, социаллық қорғаўдың жетерли емеслиги, қаржы ҳәм тил тараўындағы тосқынлықларға дус келмекте.

Ҳәзирги ўақытта Дослық Аўқамының басқа мәмлекетлеринде болған ҒМДА мәмлекетлери пуқараларына қыстаўлы ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиў 1997-жылдағы халықаралық келисимлер менен тәртипке салынады ҳәм бийпул тийкарда көрсетиледи. Онда режели медициналық жәрдем төлемли тийкарда көрсетиледи.

Жаңа ҳүжжет мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын ықтыярлы медициналық қамсызландырыў тараўында ҒМДА мәмлекетлери бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларын нәзерде тутады, сондай-ақ, шәртнамаға ағза мәмлекетлердиң аймақларында мигрантлар мийнет етип атырған дәўирде тийисли хызметлерди көрсетиў тәртибин белгилейди.