Илажда Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, Корея Республикасы саўда, санаат ҳәм ресурслар министри Ким Чжон Гван, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстанның тийисли уйымларының басшылары қатнасты.

Ушырасыў "Орайлық Азия - Корея Республикасы" биринши саммити алдынан болып өтти. Жаңа министрлик форматы санаат, саўда ҳәм технологиялар тараўындағы сиясий сөйлесиўди анық күн тәртиби менен байытыў, сондай-ақ, регион кәрханалары ҳәм кореялы бизнес арасындағы байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.

Бирге ислесиўди тереңлестириўге өтиў экономикалық байланыслардың ерисилген көлемине таянады. 2025-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы менен товар алмасыў көлеми 10 миллиард доллардан асып, дерлик 10 процентке өсти. Усы жылдың январь-июль айларында бул көрсеткиш 25 процентке өсип, 6,5 миллиард долларға жетти. Өзбекстанда Корея ҳәм регион мәмлекетлери капиталының қатнасыўында 3 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Бул көрсеткишлер тийкарғы итибарды өз-ара жеткерип бериўден өндиристи шөлкемлестириў, локализациялаў ҳәм регионаллық қосымша қун шынжырларын қәлиплестириўге қаратыў имканиятын береди.

Өзбекстан тәрепи техникалық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм сертификатлар ҳәм сынақ нәтийжелерин өз-ара тән алыў, анық жоқары технологиялық жойбарлар менен Санаат кооперациясы бағдарламасын ислеп шығыў, санаат басламаларының бирден-бир санлы платформасын жаратыў ҳәм министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде турақлы жумыс алып баратуғын эксперт топарын қәлиплестириўди гезектеги қәдемлер сыпатында атап өтти. Өзбекстан тәрепинен алға қойылған барлық басламалар Корея тәрепинен толық қоллап-қуўатланды.

Сөйлесиўдиң технологиялық бөлими саўда, инвестициялар, санаат инфраструктурасы ҳәм әҳмийетли пайдалы қазылмалар тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў, өндириске жасалма интеллектти енгизиў ҳәм кадрлар таярлаўға бағышланды. Келешектеги бағдарлар қатарында автоматластырылған сапа қадағалаўы, үскенелерге алдыннан хызмет көрсетиў, энергия нәтийжелилиги ҳәм өндирис мағлыўматларын таллаў сыяқлылар атап өтилди. Соның менен бирге, Орайлық Азия кәрханаларының технологиялық талапларын Корея компанияларының компетенциялары менен байланыстырыў, инженер ҳәм технологлар ушын кәсиплик стажировка бағдарламаларын кеңейтиў режелестирилген.

Мәжилис жуўмағында санаат ҳәм жеткерип бериў шынжырлары тараўында бирге ислесиў ҳаққында биргеликтеги меморандумға қол қойылды ҳәм "Корея Республикасы - Орайлық Азия" санаат министрлери мәсләҳәт механизми биринши мәжилисиниң Биргеликтеги билдириўи қабыл етилди.

Бағдарламаның даўамы сыпатында Лазиз Қудратов Корея Республикасы саўда, санаат ҳәм ресурслар министри Ким Чжон Гван менен сөйлесиў өткерди. Стратегиялық әҳмийетке ийе пайдалы қазылмаларды излеў ҳәм өзлестириў бойынша Өзбекстан - Корея платформасын жаратыў, сондай-ақ, экспорт потенциалын ҳәм саўда бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша келисимлерге қол қойылды.