Ушырасыўда Александр Фединниң көп жыллық пидәкерлик мийнети себепли
қәлиплескен бийбаҳа тәбийғый аймақты буннан былай да сақлаў ҳәм раўажландырыў
мәселелери додаланды. Ол жаратқан тоғай массивинде көплеген жабайы ҳайўанлар,
қуслар ҳәм басқа да биологиялық көп түрлилик ўәкиллериниң жасаў орны болғаны
атап өтилди.
Александр Федин Экология
ҳәм климат өзгериўи миллий комитети системасындағы Тоғай хожалығы агентлигине
жумысқа алынатуғыны мәлим етилди.
Буннан тысқары,
"Оқтепа" суў сақлағышы аймағында улыўма майданы 1500 гектар болған дендрология
бағы шөлкемлестириледи. Жаңа тәбийғый объект биологиялық көп түрлиликти сақлаў,
экологиялық туризм, илимий изертлеўлер ҳәм экологиялық ағартыўшылықты
раўажландырыў ушын әҳмийетли майданға айланады.
Александр
Фединниң қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы көп жыллық хызметлерин,
сондай-ақ, социаллық жағдайын есапқа алып, болажақ дендрология бағының
аймағында оның жасаўы ушын барлық шараятларға ийе хызмет турақ жайы бериледи.
Парктиң нәтийжели
жумысы ушын зәрүр инфраструктура жаратыў да нәзерде тутылған. Атап айтқанда,
хызметкерлер аймақты қорғаў ҳәм оның тәбийғый байлықларын сақлаў ушын зәрүр
болған арнаўлы транспорт ҳәм басқа да техникалық қураллар менен тәмийинленеди.
Бул жойбардың
әмелге асырылыўы регионның сийрек ушырасатуғын тәбийғый экосистемаларын сақлап
қалыў ҳәм өз өмирин тәбиятты қорғаўға бағышлаған инсанның көп жыллық мийнетин
тән алыў жолында әҳмийетли қәдем болады.