Монголия Бас министри Ням-Осорин Учрал Улан-Батордағы COP17 де
усыныс етилген Өзбекстан Миллий павильонына барып, Президент Шавкат Мирзиёевтиң
басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли экологиялық
реформалар менен танысты.
Абырайлы халықаралық конференция жер деградациясы ҳәм шөллениўдиң алдын
алыў, қурғақшылыққа шыдамлылықты арттырыў, деградацияға ушыраған жерлерди
тиклеў, жайлаўлардан турақлы пайдаланыў, сондай-ақ, қум ҳәм шаң боранларының
унамсыз ақыбетлерин азайтыў бойынша глобал бирге ислесиўди және де беккемлеўге
қаратылған.
Конференцияда
Конвенцияға ағза мәмлекетлердиң делегациялары, халықаралық ҳәм регионаллық
шөлкемлер, қаржы институтлары, илимий-изертлеў ҳәм эксперт топарлары,
сондай-ақ, пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнаспақта.
Өзбекстан
делегациясы COP17 де Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң
басламасы менен мәмлекетимизде шөллениўге ҳәм жерлердиң деградациясына қарсы
гүресиў, деградацияға ушыраған аймақларды тиклеў, тоғайлар ҳәм жасыл аймақларды
кеңейтиў, қурғақшылық, қум ҳәм шаң боранларының ақыбетлерин жумсартыў,
сондай-ақ, Аралбойы регионының экологиялық турақлылығын тәмийинлеў бағдарында
әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм әмелий илажларды
сәўлелендиретуғын Өзбекстан Миллий павильоны менен қатнаспақта.
Соның менен
бирге, павильон халықаралық шөлкемлер, қаржы институтлары, сырт елли шериклер,
экспертлер ҳәм илимий топарлар менен пикирлесиў, жаңа басламаларды додалаў,
перспективалы жойбарларды қәлиплестириў, алдынғы тәжирийбе ҳәм технологияларды
тартыў ушын нәтийжели майдан ўазыйпасын атқармақта.
Әнжуманның
биринши күнинде Монголия Бас министри Ням-Осорин Учралдың Өзбекстан Миллий
павильонына сапарына айрықша итибар қаратылды. Жоқары мәртебели мийман
павильонда елимиздиң шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм деградацияға ушыраған
жерлерди тиклеў бағдарындағы басламалары ҳәм әмелий шешимлери менен танысты.
Сапар даўамында
Бас министрге Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қоршаған
орталықты қорғаў, шөллениўге ҳәм жерлердиң деградациясына қарсы гүресиў,
деградацияға ушыраған аймақларды тиклеў, қурғақшылыққа шыдамлылықты арттырыў,
қум ҳәм шаң боранларының унамсыз тәсирин азайтыў, тоғай ҳәм жасыл аймақларды
кеңейтиў, Аралбойы регионының экосистемаларын тиклеў бағдарында әмелге асырылып
атырған системалы жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Аралбойы
регионында тоғайзарлар жаратыў, жерлердиң деградациясы ҳәм климат өзгериўи
менен байланыслы экологиялық машқалаларды системалы шешиў бойынша кең көлемли
әмелий илажларға айрықша итибар қаратылды.
Монголия Бас
министри Өзбекстанның COP17 де белсене қатнасып атырғанын жоқары баҳалап,
мәмлекетимиз Миллий павильоны тәжирийбе ҳәм әмелий шешимлерди көрсетиў,
халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм конференция шеңберинде жаңа
басламаларды алға қойыў ушын пайдалы ҳәм нәтийжели майдан екенин атап өтти.
Ням-Осорин Учрал,
сондай-ақ, Өзбекстанның COP17 шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери арасында
миллий павильон менен белсене қатнасып атырғанын айрықша атап өтип, бундай
формат мәмлекетлер арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм экологиялық машқалаларға
биргеликте шешим табыўда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет
ететуғынын атап өтти.
Өзбекстанның COP17
деги қатнасыўы ҳәм Миллий павильон жумысы даўам етпекте. Конференция шеңберинде
жерлерди тиклеў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм экосистемалардың турақлылығын
арттырыў тараўында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға
қаратылған бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар, тематикалық илажлар ҳәм
презентациялар өткерилиўи режелестирилген.