Сөйлесиўлер даўамында тәреплер экология, шығындыларды басқарыў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў тараўларында биргеликтеги басламалардың орынланыўын көрип шықты ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын додалады.

Ушырасыўдың тийкарғы темаларынан бири Өзбекстанда баҳасы 260 миллион АҚШ доллары болған қәўипли санаат шығындыларын басқарыў бойынша заманагөй комплексти жаратыў жойбарын әмелге асырыў мәселеси болды. Тәреплер жойбарды әмелге асырыўды жеделлестириўге қаратылған гезектеги илажларды додалады.

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны Патшалығы арасында қум ҳәм шаң боранларын мониторинг етиў ҳәм ерте алдын алыў миллий системасын жаратыў бойынша бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.

Жойбар заманагөй мониторинг системасын жаратыў, миллий платформаны халықаралық ерте алдын алыў системалары менен интеграциялаў, прогнозластырыў бойынша биргеликтеги моделлерди ислеп шығыў ҳәм қәнигелескен мәкемелер арасында мағлыўматлар алмасыўын шөлкемлестириўди нәзерде тутады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстанда заманагөй экологиялық технологияларды енгизиў, экологиялық қәўипсизликти арттырыў ҳәм турақлы раўажланыўды беккемлеўге қаратылған бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин тастыйықлады.