Өзбекстан ҳәм Қытай Эксимбанки биргеликтеги жойбарларының портфели 5,7 миллиард доллардан асламды қурамақта. Улыўма баҳасы 500 миллион доллар болған телекоммуникация жойбары жедел әмелге асырылмақта.

Гидроэнергетика, суў инфраструктурасы, аўыл хожалығы ҳәм транспорт тараўларында улыўма баҳасы 1,05 миллиард доллар болған 7 перспективалы жойбарға, соның ишинде, "Пунган - Наманган" автомобиль жолының жойбарына айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер тийкарғы жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм қоспа инвестициялық портфельди буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин тастыйықлады.