Илажда Қырғызстан Республикасы Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары
- суў ресурслары, аўыл хожалығы ҳәм қайта ислеў санааты министри Эрлист
Акунбеков, Қырғызстан Республикасы Президенти жанындағы Инвестициялар бойынша
миллий агентлик басшысы Равшанбек Сабиров, Өзбекстан Республикасы
инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Қырғызстан
Республикасы экономика ҳәм саўда министри Бакыт Сыдыков
қатнасты. Форум жумысына еки мәмлекеттиң тийисли уйымлары, раўажланыў
институтлары ҳәм жетекши компанияларының басшылары қосылды.
Форум Өзбекстан
бизнесиниң 115 ўәкили ҳәм Қырғызстан исбилермен топарларының 95 ўәкилин
бирлестирди. Қатнасыўшылардың кең тармақлық қурамы мәмлекетлик күн тәртибин
исбилерменлердиң тиккелей қарым-қатнасы менен байланыстырыў ҳәм кооперацияның
жаңа бағдарларын ҳәр тәреплеме көрип шығыў имканиятын берди.
Еки мәмлекет
жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм стратегиялық көзқарасы себепли
Өзбекстан-Қырғызстан шериклиги мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилгени
атап өтилди.
Орайлық
темалардан бири өз-ара саўда болды. Кейинги он жылда товар алмасыў жети еседен
аслам көбейди ҳәм 1,2 миллиард долларға жетти. Усы жылдың январь-июнь айларында
ол және 1,5 есеге өсип, 625 миллион долларды қурады. Бул көрсеткиштиң сақланып
қалыныўы келеси жылдың өзинде 2 миллиард долларлық мақсетке ерисиў имканиятын
береди.
Инвестициялық
бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясы нәтийжелери көрип шығылды. Еки мәмлекетте
өз-ара капитал қатнасыўында 450 ге шамалас кәрхана жумыс алып бармақта. Автомобиль
қурылысы, тоқымашылық санааты, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да
бағдарларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Оларды
қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы механизмлеринен бири Өзбекстан-Қырғызстан
раўажланыў қоры болып, оның жәрдеминде транспорт ҳәм логистика, жеңил санаат,
қурылыс материалларын ислеп шығарыў, энергетика ҳәм қаржы тараўларында 28
жойбар әмелге асырылмақта.
Агросанаат
кооперациясы, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм электротехника тараўлары алдағы
жумыслардың тийкарғы бағдарлары сыпатында көрсетип өтилди. Аўыл хожалығында
тәреплер туқымгершилик, картошка ҳәм салы жетистириў, шарўашылық ҳәм интенсив
бағшылықты раўажландырыў нийетинде. Тоқымашылық тармағында жүн, терини қайта
ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыўдың келешеги бар. Фармацевтика тараўында арзан
дәри қуралларының түрин көбейтиў ҳәм сыртқы базарларға шығыў ушын еки
мәмлекеттиң өндирислик имканиятларын бирлестириў усыныс етилди. Электротехника
тараўында комплектлеўши бөлеклерди локализациялаў, қоспа кәрханалар
шөлкемлестириў, өнимлерди үшинши мәмлекетлерге алып шығыўға айрықша итибар
қаратылмақта.
Исбилерменлик
бағдарламасы компаниялардың тиккелей сөйлесиўлер майданына айланды. Аўыл
хожалығы, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық, қурылыс материаллары ҳәм мебель ислеп
шығарыў, электротехника, фармацевтика, энергетика, таў-кән, логистика, туризм,
қаржы ҳәм саўда тараўларындағы басламалар додаланды. Тийкарғы итибар турақлы
өндирис шынжырларын қәлиплестириў, өз-ара жеткерип бериўди кеңейтиў ҳәм
перспективалы усынысларды әмелий жүзеге шығарыў басқышына өткериўге қаратылды.
Сондай-ақ,
тәреплер аймақлар арасындағы тиккелей байланысларды даўам еттириў ҳәм усы
жылдың ақырына шекем Өзбекстанда уйымлараралық ҳәм исбилерменлер арасындағы
сөйлесиўдиң даўамы сыпатында биринши биргеликтеги Аймақлар форумын өткериўге
келисип алды.
Форум жуўмағында
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм
Қырғызстан Республикасы Президенти жанындағы Инвестициялар бойынша миллий
агентлик арасында 2026-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиўди раўажландырыў
бойынша илажлар режесине қол қойылды.
Буннан тысқары,
электротехника өнимлерин алға қойыў, туқымгершилик, аграр илим, энергетика,
денсаўлықты сақлаў, гидротехника қурылысы ҳәм санаат зоналарын раўажландырыў
тараўларындағы келисимлердиң салмақлы топламы алмасылды. Ҳүжжетлер жаңа
жойбарларды әмелге асырыў ҳәм экономикалық шерикликти және де тереңлестириў
ушын беккем шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкар жаратты.