Сеулде оның қатнасыўшылары тарийхый ўақыя деп атаған илаж - "Орайлық Азия - Корея Республикасы" биринши саммити болып өтеди. Орайлық Азияның бес мәмлекети ҳәм Қубла Корея жетекшилери бир столда жыйналып, келеси жыллар ушын бирге ислесиў көзқарасларын белгилеп алады.

Өзбекстан ушын бул саммит айрықша әҳмийетке ийе. Ол еки тәреплеме қатнасықлардың үш он жылдан аслам ўақыт даўамындағы избе-из раўажланыўының ең жоқары шоққысы, соның менен бирге, олардың жаңа, және де жоқары дәрежедеги басқышына басланыў ноқаты болады.

Еки мәмлекет қатнасықларының тарийхы узақ әсирлерге барып тақалады. Самарқандтағы белгили Афросиёб сарайының фрескасында, кең тарқалған илимий талқылаўға бола, әййемги Кореяның Когурё мәмлекетиниң елшилери сүўретленген.

Уллы жипек жолы халықларды тек ғана товарлар менен емес, ал идеялар, билимлер, технологиялар менен байланыстырған. Бүгин Өзбекстан ҳәм Қубла Корея бул бирге ислесиўди санлы ҳәм технологиялық форматта қайта тиклеп, тарийхый естеликти заманагөй раўажланыў драйверине айландырмақта.

Қубла Корея Өзбекстан ғәрезсизлигин 1991-жил 30-декабрьде тән алды ҳәм 1992-жил 29-январьда мәмлекетлер ортасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылды. Соннан берли 20 жоқары дәрежедеги саммит өткерилгени сиясий сөйлесиўдиң тереңлиги ҳәм жеделлигинен дәрек беретуғын жоқары көрсеткиш болып есапланады.

2006-жылы Стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылғаны, 2019-жылы қатнасықлар айрықша стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени әҳмийетли ўақыя болды.

Кейинги жыллардағы сиясий байланыслардың динамикасы таң қаларлық. БМШ Бас Ассамблеясы сессиялары шеңберинде 4 саммит ҳәм 2 жоқары дәрежедеги ушырасыў өткерилди. Еки мәмлекет жетекшилери телефон арқалы сөйлесиўлерде де сиясий сөйлесиўди қоллап-қуўатлады.

Еки мәмлекеттиң халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бир-бириниң кандидатура ҳәм басламаларын өз-ара қоллап-қуўатлаў көринисиндеги бирге ислесиўи айрықша итибарға ылайық. Сеул бир неше мәрте Өзбекстан тәрепинен усыныс етилген Бас Ассамблея резолюцияларының жәрдемши авторы болды.

ЮНЕСКО шеңберинде Қубла Корея 2026-жыл 23-апрельде ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң 224-сессиясында 19-ноябрьди Халықаралық ҳүжжетли мийрас күни деп жәриялаў ҳаққындағы Өзбекстан тәрепинен усыныс етилген қарар жойбарын қоллап-қуўатлады ҳәм биргеликте авторлық етти.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў еки тәреплеме қатнасықлардың ең жедел сегментлеринен бири болып есапланады. Кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми бес есеге артты ҳәм 2025-жылы 2 миллиард долларға шамаласты. 2026-жылдың биринши ярымында товар алмасыў 940 миллион доллардан асламды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 12 процентке өсти.

Қубла Кореяның Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестицияларының улыўма көлеми 8 миллиард доллардан артты. Өзбекстанда Қубла Корея капиталының қатнасыўында 700 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта, улыўма баҳасы 8,8 миллиард долларлық 60 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. 2026-жылдың биринши ярымында тартылған инвестициялардың көлеми 290 миллион доллардан артты.

Корея Экспорт-импорт банки (KEXIM) ҳәм оның Экономикалық бирге ислесиў қоры (EDCF) менен биргеликте 2,6 миллиард долларлық 17 жойбар әмелге асырылды. 2024-жыл июнь айында Ташкентте болып өткен Өзбекстан-Қубла Корея саммити жуўмағында «EDCF» менен 2024-2027-жылларға мөлшерленген 2 миллиард долларлық бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.

Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) шеңберинде 1995-2024-жылларда 124 миллион долларлық 36 жойбар әмелге асырылды. Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм кәсипке оқытыў, мәмлекетлик басқарыў, климат тараўларында улыўма баҳасы 200 миллион доллардан аслам болған 19 жойбар әмелге асырылмақта.

Бирге ислесиўде санлы күн тәртиби айрықша орын ийелейди. Өзбекстан ҳәм Қубла Корея шериклиги телекоммуникациялар, электрон ҳүкимет инфраструктурасы, жасалма интеллект, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларын қамтып алған.

Өзбекстанда Өзбекстан-Корея тоқымашылық оқыў-әмелий технопарки, Сийрек ушырасатуғын металлар ҳәм араласпалар илимий-технологиялық орайы, Аўыл хожалығы машина қурылысы конструкторлық-технологиялық орайы, Электрон ҳүкимет тараўында бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Корея орайы шөлкемлестирилди. Қурылыс ҳәм химия технологиялары тараўында бирге ислесиў орайларының қурылысы әмелге асырылмақта.

Қубла кореялы бирге ислесиўшилердиң жәрдеминде 2022-жылы Миллий электрон саўда платформасы иске қосылды. 2024-жыл март айында Сеул қаласында биринши Өзбекстан-Қубла Корея саўда үйи ашылды. «IT Park Uzbekistan»да Корея инвестициясы қатнасыўындағы компаниялар санының жедел өсиўи ҳәм Қубла Корея базарына санлы хызметлер экспортының көлемин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Глобал жеткерип бериў шынжырлары трансформацияланып атырған шараятта әҳмийетли пайдалы қазылмалар тараўындағы бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Қубла Кореяның миллий санаат тармақларын қоллап-қуўатлаў ушын жеткерип бериў дәреклерин диверсификациялаў бағдарындағы ҳәрекетлери Өзбекстанның стратегиялық шийки зат ҳәм материаллар жеткерип бериў шынжырларын тәмийинлеў бойынша кооперацияны раўажландырыў мәплерине толық сәйкес келеди.

Билимлендириў тараўында бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Өзбекстанлы студентлер Қубла Кореядағы сырт елли студентлер топарларының саны бойынша ең көп үшликке киреди - 20 мыңнан аслам өзбекстанлы жаслар Корея жоқары оқыў орынларында билим алмақта.

Өзбекстанда төрт университет - Ташкенттеги Инҳа, Пучон, Аджу ҳәм Ферғанадағы Корея халықаралық университетиниң филиаллары жумыс алып бармақта. Өзбекстан жоқары оқыў орынлары Қубла Кореяның 45 тен аслам жоқары оқыў орны ҳәм илимий-билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислеседи. Ташкент ҳәм Сеул қалаларында еки мәмлекеттиң жетекши жоқары оқыў орынлары ректорларының форумлары болып өтти.

9 жоқары оқыў орны ҳәм 24 мектепте корейс тили үйрениледи. Қубла Кореяның Ханкук ҳәм Хонам университетлеринде өзбек тили ҳәм әдебияты пәнлери оқытылады.

Өзбекстанның 400 ден аслам медицина хызметкери Қубла Кореяның жетекши клиника ҳәм орайларында оқыў ҳәм стажировкадан өтти. 2019-жылы Денсаўлықты сақлаў тараўында Өзбекстан - Қубла Корея бирге ислесиў орайы шөлкемлестирилди. 2020-жылы «EDCF» қорының жәрдеминде Ташкент қаласында Балалар көп тармақлы орайы қурылды.

2014-жылы Ташкентте шөлкемлестирилген Сеул парки ҳәм 2019-жылы қурылған Корейс мәденияты ҳәм көркем өнери үйи халықларымыз арасындағы беккем дослықтың айқын белгиси болды. 2018-жылы Ташкент қаласындағы көшелердиң бирине Сеул көшеси - «Seoul Moon» деп атама берилди ҳәм бул жер пуқаралардың сүйикли дем алыў орнына айланды. 2021-жыл 16-декабрь күни Сеул қаласында уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының естелиги ашылды, 2025-жыл июнь айында Қубла Корея пайтахтында белгили өзбек жазыўшысы Абдулла Қадирийдиң корейс тилинде жазылған "Өткен күнлер" романының презентациясы өткерилди.

Қубла Кореядан Өзбекстанға туристлер ағымы турақлы өсиўди көрсетпекте - 2018-жылы 27 мыңнан аслам адам болса, 2025-жылы дерлик 45 мыңға жетеди. 2026-жылдың 7 айында 27 мыңға шамалас пуқара Өзбекстанға келген.

Тоғыз он жылдан берли көп миллетли Өзбекстан халқының ажыралмас бөлеги болып киятырған Өзбекстандағы корейс диаспорасы еки мәмлекет қатнасықларында айрықша орын ийелейди. Өзбек жерине тәғдирдиң ықтияры менен келген корейслер өз мийнети менен аўыл хожалығы, илим, билимлендириў, медицина, санаат, мәденият ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына үлкен үлес қосты. Диаспора өз ата-бабаларының тарийхый Ўатаны менен айрықша байланысты сақлаған ҳалда, еки мәмлекет арасында дослықтың руўхый көпири ўазыйпасын атқармақта.

Өзбекстан Президентиниң мәмлекетлик сапары оның дерлик бес жылдан кейинги ҳәм 2025-жылы Қубла Кореяның жаңа Президенти сайланғанынан кейинги дәслепки сапары болады. "Орайлық Азия - Корея Республикасы" биринши саммити Орайлық Азия мәмлекетлериниң пайтахтлары ҳәм Сеул арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли фактор болады.

Сеулдеги исбилерменлер саммитинде инфраструктура, қайта тиклениўши энергия, санлы технологиялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм жеткерип бериў шынжырлары тараўларындағы әмелий жойбарлар додаланады.

Өзбекстан ҳәм Қубла Корея жаңа стратегиялық шегараға келди. Алдымызда өткен жыллар даўамында жаратылған өз-ара исеним ҳәм дослықтың беккем тийкары, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң бай потенциалы тийкарында бирге ислесиў көлемин кеңейтиў бойынша үлкен мақсет ҳәм ўазыйпалар тур.

Бирақ, ең әҳмийетлиси, бул шерикликтиң тийкарында экономикалық мәплерден де терең мәни бар. Тәреплер ҳақылы түрде атап өткениндей, өзбек ҳәм корейс халықлары қәдир-қымбат, шаңарақ, үлкенлерге ҳүрмет, сабыр-тақат ҳәм мийнетке, балаларға жақсы келешек бериўге үлкен әҳмийет қаратады. Усы уқсас қәдириятлардың орайында халықларды бирлестиретуғын философия - келешектиң өзи келиўин күтип турыў мүмкин емес, оны өз қолыңыз бенен жаратыў керек.

 

"Дунё" МА.