Ушырасыўда Өзбекстаннан Швецияға мийнет миграциясы тараўында әмелий бирге
ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды, деп хабар бермекте
"Дунё" МА.
Өзбекстан тәрепиниң ўәкиллери сырт елде жумыс ислеў ушын пуқараларды
таярлаў ҳәм таңлап алыў бойынша әмелдеги система ҳаққында мағлыўмат берди.
Соның ишинде, қурылыс, архитектура, мийманхана-ресторан бизнеси ҳәм талап
жоқары болған басқа да тармақларда жумыс тәжирийбесине ийе 1,5 мыңға шамалас
потенциаллы талабанларды қамтып алған қәнигелестирилген мағлыўматлар базасы бар
екенлиги атап өтилди.
Мигрантлар
баратуғын мәмлекеттиң нызам ҳүжжетлерине, мийнет шәртнамаларының шәртлерине
әмел етиўи, сондай-ақ, баратуғын мәмлекеттиң мәденияты, дәстүрлери ҳәм
үрп-әдетлери ҳаққында хабардар етилиўи мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Талабанларды сырт елге шығыўдан алдын тил ҳәм кәсипке таярлаў әҳмийетли
екенлиги атап өтилди.
Өзбекстанның
германиялы шериклер менен бирге ислесиў әмелияты табыслы мысал сыпатында
келтирилген. Атап айтқанда, Германиядан келген қәнигелердиң қатнасыўында
мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жумыс алып барып атырған мигрантларды
кәсипке оқытыў орайлары талап жоқары болған кәсиплер ҳәм немис тилине оқытыўды
тәмийинлемекте. Бул тәжирийбеден Швеция тәрепи менен бирге ислесиўдиң уқсас
механизмлерин қәлиплестириўде пайдаланыў мүмкин.
Нима Ростами
Өзбекстанның шөлкемлескен миграция системасы, швед жумыс бериўшилериниң
талаплары, талабанларды кәсипке таярлаў ҳәм мәмлекет тәрепинен
қоллап-қуўатлаўдың әмелдеги механизмлери ҳаққында қосымша мағлыўмат алыўға
қызығыўшылық билдирди.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўдан өз-ара мәпдар екенин
тастыйықлады. Тәреплер Швецияның мәпдар жумыс бериўшилери ҳәм рекрутинг
шөлкемлерин шөлкемлескен мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиўди буннан
былай да раўажландырыўға тартыў бойынша мәсләҳәтлесиўлер ҳәм биргеликтеги
жумысларды даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.