Буннан алдын өрт өшириў хызмети пайтахттың Аттика ўәлаятында өртти өшириўде еки вертолёт соқлығысқаны ҳаққында хабар берген еди, деп жазады “ria.ru”.

"Ҳәммеси болып еки вертолёттың бортында төрт адам болған, олардан екеўи Греция пуқарасы, екеўи сырт ел пуқарасы болған. Еки жолаўшы тири табылған, және еки жолаўшы болса өмир белгилерисиз табылған", делинеди министрликтиң билдириўинде, оны "Прото Тема" газетасы жәриялайды.

Басылымның жазыўынша, аварияға инсанның қәтеси себеп болған. Газетаның атап өтиўинше, вертолётлардың бөлеклери терең сайдан табылған. Қайтыс болғанлар - вертолётлардан бириниң экипажы, ҳәр бир ҳаўа кемесинде еки адамнан болған - ушыўшылар Румыния пуқаралары, координаторлар болса Греция пуқаралары болған.