Форумның тийкарғы мақсети - Шығыс классикалық музыка көркем өнериниң
бийбаҳа бағдарларынан бири болған мақам көркем өнерин кеңнен үгит-нәсиятлаў,
қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, жаслар арасында бул көркем өнерге
қызығыўшылықты арттырыў, халықаралық көлемде мәдений ҳәм илимий-дөретиўшилик
бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.
Мәденият министрлигиниң мәлим етиўинше, форум шеңберинде төмендеги
тийкарғы илажлар режелестирилген:
илимий-әмелий конференция;
мақам ансамбльлери, қосықшы ҳәм сазенделер арасында халықаралық таңлаў;
белгили жергиликли ҳәм сырт ел атқарыўшыларының қатнасыўындағы жеке концертлер.
Таңлаў
жеңимпазлары диплом, статуэтка ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады:
Гран-при - 15 000
АҚШ доллары;
1-орын (2
жеңимпаз) - 10 000 АҚШ долларынан;
2-орын (2
жеңимпаз) - 7 000 АҚШ долларынан;
3-орын (2
жеңимпаз) - 5 000 АҚШ долларынан.
Буннан тысқары,
"Ең жақсы мақам атқарыўшысы", "Ең жақсы мақам сазендеси",
"Ең жақсы мақам устасы", "Ең жақсы мақам
үгит-нәсиятлаўшысы", "Ең жақсы жас мақам атқарыўшысы", "Ең
жақсы мақам дөретиўшиси" сыяқлы арнаўлы номинациялар да нәзерде тутылған.
III Халықаралық
мақам көркем өнери әнжуманы миллий музыка мийрасын дүнья көлеминде кеңнен
үгит-нәсиятлаў, мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыў, көркем өнер
тараўында халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.