Қуслар шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаянның Қазақстан Республикасындағы
ўәкилханасына қараслы қәнигелестирилген нәсилшилик орайында тәрбияланған. Олар
тийисли таярлықтан өткеннен соң Аралбойы аймағына алып келинип, тәбийғый
орталыққа жиберилди.
Илаж Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң аймақлық бөлимлери
қәнигелери, халықаралық экспертлер, “CITES” ҳәкимшилик уйымы
ўәкиллери ҳәм “Falcon Hunting Solutions” ЖШЖ хызметкерлериниң қадағалаўында өтти. Бундай қатнас сийрек
ушырасатуғын түрлерди сақлап қалыў бойынша халықаралық талапларға әмел етилиўин
тәмийинлеў ҳәм оларды реинтродукциялаў бағдарламаларының нәтийжелилигин
арттырыў имканиятын береди.
Туўалақ
популяциясының тиклениўи Арал теңизи аймағы ушын айрықша әҳмийетке ийе. Арал
теңизиниң қурыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық кризис Қарақалпақстанның
тәбийғый экосистемаларында үлкен өзгерислерге алып келди. Нәтийжеде шөл ҳәм
дала ландшафтларына тән көплеген ҳайўан ҳәм қуслардың тәбийғый жасаў майданлары
қысқарып, олардың санына унамсыз тәсир көрсетти.
Туўалақ айрықша
қорғаўға мүтәж болған сийрек ушырасатуғын түрлер қатарына киреди. Оның тәбийғый
орталыққа қайтарылыўы Аралбойы регионында тәбийғый турақлылықты тиклеў ҳәм
биологиялық көптүрлиликти сақлаўға хызмет етеди.
Қусларды шығарыў
аймақта экологиялық турақлылықты тиклеў, бийбаҳа фаунаны сақлап қалыў ҳәм
жойтылып баратырған түрлерди тәбийғый жасаў орынларына қайтарыўға қаратылған
комплексли жумыслардың бир бөлеги болып есапланады. Бундай басламаларды әмелге
асырыў халықаралық бирге ислесиў, мәмлекетлик уйымлар, тәбиятты қорғаў
шөлкемлери ҳәм сырт елли шериклердиң ҳәрекетлерин бирлестириў арқалы мүмкин
болды.
Аралбойы регионының биокөптүрлилигин сақлаў бойынша узақ мүддетли
бағдарламалар шеңберинде туўалақ популяциясын тиклеў ҳәм оның жасаў орынларын
қорғаў жумыслары даўам еттириледи.