Ҳүжжет жоқары температура
шараятында жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға
қаратылған болып, бир қатар мәжбүрий илажларды нәзерде тутады.
Соның ишинде, ең ыссы
күнлерде - саат 10:00 ден 17:00 ге шекем жумысшылардың денсаўлығы ҳәм өмирине
қәўип туўдырыўы мүмкин болған жумысларды ўақтынша тоқтатып турыў, өзгермели
жумыс кестесин белгилеў усыныс етилди.
Буннан тысқары, жумыс
бериўшилер:
хызметкерлерди жетерли
муғдардағы сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў;
тиккелей қуяш нурларынан ҳәм
жоқары температурадан қорғалған дем алыў орынларын үскенелеў;
мәжбүрий медициналық тексериўден өтпеген ямаса
медициналық көрсеткишлер бойынша жумысларды орынлаўға жарамсыз деп табылған
хызметкерлерди жумысқа жибермеў;
хызметкерлерди жеке қорғаныў қураллары менен
тәмийинлеў;
ҳаўа райы шараятларын есапқа алған ҳалда мийнет етиў
ҳәм дем алыў режимин қайта көрип шығыў;
хызметкердиң денсаўлығы ыссылық себепли жаманласқанда
тезлик пенен биринши медициналық жәрдем көрсетиў.
Бул талаплардың орынланыўын Мәмлекетлик мийнет
инспекциясы қадағалайды.
Мийнетти қорғаў талапларының бузылыўына жол қойған
шахслар нызамшылыққа муўапық жуўапкершиликке тартылады.