Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинен мәлим етилиўинше, my.edu.uz платформасындағы жеке кабинети арқалы белгиленген тәртипте электрон арза берген абитуриентлердиң мүрәжатлары 2026-жыл 14-август күни көрип шығылады.

Апелляция берген абитуриентлер 14-август күни белгиленген ўақытта Билимди баҳалаў агентлигине келиўи керек. Өзиңиз бенен шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм абитуриент рухсатнамасы болыўы керек.

Әҳмийетлиси: мүрәжатты көрип шығыў орны, сәнеси ҳәм анық ўақты ҳәр бир абитуриенттиң жеке кабинетинде көрсетилген.

Абитуриентлерден мағлыўматларды алдыннан жеке кабинети арқалы тексерип, хабарда көрсетилген ўақытта белгиленген орынға келиўи соралады.