Конференцияда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, тараў қәнигелери ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты.

Онда 2026/2027-оқыў жылы ушын қабыллаў процесиниң жуўмақлаўшы нәтийжелери, тест сынақларында абитуриентлердиң көрсеткишлери, тәлим бағдарлары бойынша өтиў баллары, сондай-ақ, грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилгенлер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, мандат нәтийжелеринен кейин абитуриентлер ушын ашылып атырған имканиятлар, супер-контракт тийкарында оқыў шәртлери, студентликке усыныс етилген абитуриентлердиң келешектеги ҳәрекетлери ҳәм қабыллаў процесине байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша түсиниклер берилди.

Конференция даўамында 1-курсқа усыныс етилген студентлердиң жатақханаға жайласыўы ушын арза бериў хызмети 18-августтан баслап иске қосылатуғыны, арзалар Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса my.gov.uz порталы арқалы белгиленген тәртипте жиберилиўи мүмкин екенлиги ҳаққында мағлыўмат берилди.

Быйыл бакалавриат тәлим бағдарларына 677,9 мың абитуриент онлайн дизимнен өтти. Қабыллаў процеси "дәслеп тест, кейин таңлаў" принципи тийкарында еки басқышта шөлкемлестирилди.

Тест сынақлары республика бойынша 64 үлкен сыйымлылықтағы имаратларда өткерилип, процесслер видеобақлаў ҳәм онлайн трансляция арқалы көрсетилди. Миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе болған 13 мыңға шамалас, сондай-ақ, белгиленген жеңилликке ийе болған 302 абитуриент тест сынақларынан азат етилди.

Тест сынақлары нәтийжесине бола, 389,1 мың абитуриент таңлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болды. Екинши басқышта оларға өз нәтийжелеринен келип шығып, жоқары билимлендириў шөлкемин, бағдарын ҳәм оқыў түрин таңлаў имканияты берилди.