Усы уйымлық ҳүжжет пенен Крипто-активлер айланысы тараўындағы хызметлер провайдерлериниң жумысын лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы режеге төмендеги тийкарғы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте:

хызметлер провайдерлерин жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўында халықаралық бирге ислесиўде қатнаспайтуғын мәмлекетлерде турақлы жасайтуғын, усы жерде туратуғын ямаса дизимнен өткен шахслар басқарыўы мүмкин емес;

хызмет көрсетиў провайдерлери төмендегилерди лицензиялаўшы уйым менен келисиўи керек:

өзиниң устав капиталындағы үлеслерди физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, соның ишинде, норезидентлерге сатыў;

өзиниң басшылығы (басшысы, оның орынбасарлары), жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша структуралық бөлим басшысының өзгериўи;

лицензиялаўшы уйым арза алынған күннен баслап он жумыс күни ишинде келисиў ямаса келисиўди бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етеди;

келисиў ҳаққындағы арзаны көрип шыққаны ҳәм қарар қабыл еткени ушын жыйым өндирилмейди.