Салық кодексине киргизилген өзгерислерге бола, жеке меншик мектеп ямаса бақшаларға қатнайтуғын 3 жастан 18 жасқа шекемги майыплығы болған балаларды күндизги тәрбиялаў хызметлери ушын ата-аналар тәрепинен ҳәр бир бала ушын айына 3 миллион сумға шекем төлемлер физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етиледи.

Сондай-ақ, 3 жастан 18 жасқа шекемги майыплығы болған балаларға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги тәрбия хызметлерин көрсететуғын исбилерменлер 2030-жыл 1-январьға шекем барлық түрдеги салықлардан (социаллық салықтан тысқары) азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

"Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызамға киргизилген қосымшаларға бола, қыйнаў ҳәм зорлықтан жәбирленген, тийисли билим ҳәм көнликпелерге ийе болған, "Инсан" орайларының буйыртпасы тийкарында мағлыўматлары жергиликли мийнет уйымларына усынылған ҳаял-қызлар жумыс излеп атырған шахслар сыпатында дизимге алыныўы мүмкин.