Қарарға бола, 2026-жыл 1-октябрьге шекем ҳәр бир район
(қала) да техникумлар ҳәм мәмлекетлик емес қосымша билимлендириў шөлкемлери
жанында кәсиплик устахана-лабораториялар шөлкемлестириледи.
Оның ушын кәсиплик устахана-лабораторияны шөлкемлестириў
тилегин билдирген интакерге 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 3 жыл мүддетке
БЕМның 1 200 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда ажыратылады.
2026-жылдан баслап коммерцияластырыў потенциалы жоқары
болған стартап жойбарлар тийкарында жаңа өнимлер ҳәм техника-технологияларды
жаратыў ушын мәмлекетлик техникумлар жанында «spin-off» кәрханаларын шөлкемлестириўге
рухсат бериледи. Бунда:
кәрханалардың устав фондындағы мәмлекетлик үлести 5 жыл даўамында
меншиклестириў қадаған етиледи;
тийисли мәкемелердиң бос турған имарат ҳәм объектлериндеги
майданлар 5 жылдан көп болмаған мүддетке ижараға бериледи;
Буннан тысқары, техникум оқыўшыларының стартап жойбарларын
әмелге асырыў ушын «spin-off»
кәрханаларына Кәсип-өнер билимлендириўин раўажландырыў қорының қаржылары
есабынан 1 миллиард сумға шекем грантлар ажыратылады.