Хызмет кимге арналған?
Транспорт қуралын басқарыўда ямаса автомобильде ҳәрекетлениў ўақтында
қәўипсизлик белбеўинен пайдаланыўға тосқынлық етиўши кеселликлер анықланған
пуқараларға.
Мағлыўматнаманы қалай алыўға болады?
портал ямаса my.gov.uz мобиль қосымшасына кириң;
"Мағлыўматлар" бөлимин таңлаң;
тийисли хызметти ашың ҳәм таяр мағлыўматты жүклеп алың.
Әҳмийетли:
мағлыўматнаманы
қәлиплестириў ушын пуқара дәслеп медицина мәкемесинде медициналық тексериўден
өтиўи керек;
медициналық
жуўмақ электрон мағлыўматлар базасына киргизилгеннен соң мағлыўматнама порталда
автоматикалық түрде қәлиплеседи;
ҳүжжет
медициналық жуўмақта көрсетилген мүддет даўамында әмел етеди.
Хызмет бийпул,
қосымша ҳүжжетлер талап етилмейди.