"Экологиялық таза аймақлардың ҳуқықый статусы белгиленгенлиги мүнәсибети менен "Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында"ғы Нызамға қосымша киргизиў ҳаққында"ғы ӨРН-1145-санлы Нызам қабыл етилди.

Онда жерди қорғаў ҳәм оннан пайдаланыўдың жаңа тәртиби - хожалық жумысы шекленетуғын экологиялық таза аймақлар белгиленди.

Бундай аймақлар экология ҳәм қоршаған орталыққа тәсири белгиленген нормалардан артпайтуғын, энергияны үнемлейтуғын инфраструктураның жумысы тәмийинленген курорт ҳәм рекреация зоналарындағы участкалар болып есапланады.

Бул аймақларда экосистемалардың турақлылығын бузатуғын, жер асты суўларының ландшафты ҳәм гидрогеологиялық жағдайын өзгертетуғын жумысларды әмелге асырыў, сондай-ақ, тәбийғый комплекслерге унамсыз тәсир көрсететуғын санаат объектлерин қурыў ҳәм олардан пайдаланыў қадаған етиледи.

Атап айтқанда, Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизим бойынша пластикалық буйымларды ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў қадаған етиледи.

Буннан тысқары, экологиялық таза аймақларда курорт тәбийғый аймақлар ҳәм рекреация зоналары ушын енгизилген шеклеўлер әмел етеди:

терек ҳәм путаларды кесиў (санитариялық кесиўлерден тысқары);

зәҳәрли химикатлардан пайдаланыў;

шығындыларды сақлаў ҳәм көмиў;

минерал суўлар ҳәм емлеў ылайларынан басқа пайдалы қазылмаларды қазып алыў;

химия, целлюлоза-қағаз, металлургия тармақлары кәрханаларының жумысы.

Сондай-ақ, мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағына муўапық қорғалатуғын тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерге зыян жеткериўи мүмкин болған басқа ҳәр қандай жумыс қадаған етиледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 15.08.2026-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».