Режеге муўапық:
исбилерменлик субъектлериниң жумысында нызамшылықтың бузылыў қәўпин
автоматластырылған түрде баҳалаў механизми енгизиледи;
қәўип дәрежесин анықлаўда мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системаларындағы
мағлыўматлардан, статистикалық мағлыўматлардан, мүрәжатлардан, ҒХҚ ҳәм басқа да
нызамлы дәреклерден алынған мағлыўматлардан пайдаланылады;
қәўип-қәтерлерди таллаў процесинде исбилерменлик субъектлеринен қосымша
ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды талап етиўге жол қойылмайды;
қәўип дәрежесин
анықлаў мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм қосымша билимлендириўдиң мәмлекетлик
емес хызметлерин көрсетиў тараўлары бойынша айрықша нормалар тийкарында әмелге
асырылады;
ҳуқықбузарлықлардың
қәўип дәрежеси жоқары, орташа ҳәм төмен категорияларға бөлинеди;
жоқары ҳәм орташа
қәўип категориясына киретуғын субъектлерде профилактикалық илажлар ҳәм
тексериўлер нызам ҳүжжетлери тийкарында шөлкемлестириледи;
кем қәўипли
категорияға киретуғын исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер өткерилмейди;
электрон
системада анықланған қәўип дәрежеси исбилерменлик субъектине тиккелей тәсир
илажларын қолланыў ушын тийкар болмайды.