Бул күнлери ҳаўаның температурасы 43-45 градусқа шекем, қубла ҳәм шөл аймақларында болса термометр бағаналары 46-49 градусқа шекем көтерилген.

"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, температура мәмлекетимизде метеорологиялық бақлаўлардың пүткил дәўири ушын ең жоқары көрсеткишлерге шамаласқан. Бир қатар аймақларда жаңа температура рекордлары орнатылды.

Атап айтқанда, метеорологиялық станцияларда июль айында температураның жаңа абсолют максимумлары бақланды:

Нурафшан - 44,0°С (алдынғы рекорд - 1983-жылы 42,7°С);

Бухара - 46,9°С (алдын - 2005-жылы 46,2°С);

Наўайы - 46,5°С (алдын - 2021-жылы 45,9°С);

Самарқанд - 43,6°С (алдын 1983-жылы - 42,4°С);

Арнасай - 46,5°С (алдын - 2021-жылы 44,0°С);

Фергана - 43,9°С (алдын 1944-жылы - 42,2°С);

Наманган - 44,2°С (алдын - 2007-жылы 42,5°С);

Сариосиё - 43,8°С (алдын - 2021-жылы 43,2°С).

Ташкент қаласында ҳаўа температурасының ең жоқары көрсеткиши 19-июль күни белгиленген болып, 44,3 градусты қурады. Бул 1997-жыл 18-июль күни пайтахтта белгиленген абсолют ең жоқары көрсеткиштен тек ғана 0,3 градусқа төмен.

Ферғана ойпатлығының ўәлаят орайларында аномал ыссы дәўиринде максимал температура рекордлары бир неше мәрте жаңаланды.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, экстремал ыссы ҳаўа райы термикалық депрессия тәсиринде қәлиплескен. Нәтийжеде Иран аймағы үстинде жоқары бийикликтеги қүдиретли таў дизбеги пайда болып, онда күшли қыздырылған ҳаўа массалары айланып жүрди.

Бул атмосфера дүзилиси арқа-шығысқа қарай илгерилеўи менен ыссы ҳаўа гүмбез сыяқлы әсте-ақырынлық пенен Орайлық Азия мәмлекетлери аймағына тарқалып, аномал ыссылықтың орнаўына себеп болды.