Жойбардың баҳасы 6,1 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясына тең. Заводтың қурылысы 2026-2030-жылларға мөлшерленген болып, 2030-жылдың үшинши шерегинде толық қуўатлылық пенен иске қосылады. Жылына 110 мың тонна авиация биожанылғысы, 300 мың тонна электр энергиясына шыдамлы авиажанылғы ҳәм 5 мың тонна "жасыл" дизель ислеп шығарыў режелестирилген болып, өнимниң 70 проценти «Uzbekistan Airports», қалған бөлеги «Emirates National Oil Company»не экспорт етиледи.

«Allied Biofuels» баслығы Алфред Бенедикттиң мәлим етиўинше, «BlackRock/Global Infrastructure Partners» компаниясын тартыў режелестирилген. Сондай-ақ, «Allied Biofuels» тәрепинен Үргениш қаласында Орайлық Азия мәмлекетлеринен келген наўқаслар ушын «Alight Hilton Urgench» бес жулдызлы мийманханасы ҳәм "BOT" модели тийкарында 300 орынға ийе көп тармақлы клиника қурыў мөлшерленген.

«DEEM Engineering» компаниясының бас директоры Муҳаммад Алфаласи Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы стратегиялық шериклик мәмлекеттиң ашық-айдын инвестициялық орталығы себепли жаңа басқышқа көтерилгенин, жойбар "жасыл" экономиканы раўажландырыў ҳәм Өзбекстанның санаат потенциалын беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.