Нызам жойбары менен ветеранлардың статусы, олардың категориялары, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкилликлери белгиленбекте. Буннан тысқары, ветеранларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў, олардың жеңилликлери менен кепилликлери беккемленбекте.

Жойбарға бола, ветеран статусы узақ жыллар даўамында белгили бир тараў, тармақ ямаса кәсипте ҳадал ҳәм үлгили мийнет етип, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң тән алыўына ерискен физикалық тәреплерге бериледи.

Бундай статусқа ийе болған пуқаралар санаторий-курорт ҳәм саламатландырыў мәкемелеринде бийпул емлениў, турақ жай коммуналлық хызметлер ушын компенсация төлемлерин алыў, салық ҳәм пенсия жеңилликлеринен пайдаланыў сыяқлы бир қатар ҳуқықларға ийе болады.

Буннан тысқары, амбулатор емлеўде ветеранларды дәри-дәрмақ қураллары менен жеңиллетилген тәризде тәмийинлеў, мәденият ҳәм кеўилашар мәкемелер (спорт обеъктлери, театрлар, материаллық мәдений мийрас объектлери), музейлердиң төлемли хызметлеринен жеңиллетилген түрде пайдаланыў нәзерде тутылмақта.

Белгиленген нормаларға муўапық, ветеранларға берилетуғын барлық жеңилликлер ҳәм кепилликлер нызамшылық дәрежесинде беккемленип, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў және де күшейтиледи. Сондай-ақ, ветеранларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў тараўындағы ўәкилликлер тәртипке салынады.

Узақ сөйлесиўлерден соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.