Ушырасыў даўамында тәреплер Өзбекстан аймақлары ҳәм Приморе үлкеси
арасындағы социаллық-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди раўажландырыў
мәселелерин додалады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстаннан Приморе үлкесине келип атырған мийнет
мигрантларының перзентлери ушын биргеликте арнаўлы класслар ҳәм мектепке
шекемги билимлендириў курсларын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Сондай-ақ, тәреплер
2027-жылдан баслап Өзбекстан ҳәм Приморе үлкесиниң аймақларынан мектеп
жасындағы балаларды жазғы дем алыс ўақтында теңлик тийкарында балалар дем алыў
орынларына өз-ара жибериў әмелиятын қайта тиклеўге келисип алды.
Буннан тысқары,
Өзбекстан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Приморе
үлкеси билимлендириў министрлиги арасында бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип
алынды.