Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында терек, пута ҳәм саяманлы
өсимликлерди азанғы, кешки ҳәм түнги саатларда, ығаллықтың пуўланыўы аз болған
ўақытта суўғарыў жолға қойылған. Соның менен бирге, арнаўлы техникалар
жәрдеминде көше ҳәм жәмийетлик орынларды суўытыў жумыслары да алып барылмақта.
Соның ишинде, Бухара ўәлаятында жасыл аймақларды тәрбиялаў
күшейтилди, орайлық көшелерди суўғарыў, фонтанлар жумысы ҳәм жасыл аймақларды
суўғарыў жолға қойылды. Конимех районында ҳаўа температурасын түсириў ҳәм
шаң-тозаңды азайтыў мақсетинде көшелерди суўғарыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Қашқадәрья ўәлаятында терек ҳәм путалардың қурыўының алдын
алыў ҳәм турақлы өсиўин тәмийинлеў мақсетинде экология хызметкерлери тәрепинен
терек ҳәм путаларды түнги ўақытлары суўғарылмақта.
Ханабад қаласында, сондай-ақ, Әндижан қаласында көшелерди
салқынлатыў, халыққа қолайлы шараят жаратыў ушын арнаўлы техникалардан
пайдаланылмақта. Бул илажлар атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў ҳәм шаң пайда
болыўының алдын алыўға да хызмет етеди.
Сурхандәрья ўәлаятында көшелер, тереклер ҳәм жасыл
аймақларды тастыйықланған графиклер тийкарында суўғарыў жумыслары алып
барылмақта. Декоратив нәллерди сақлаў, аймақлардың санитариялық жағдайын
жақсылаў, халықтың саламатлығын қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. Термиз
қаласында күнниң ең ыссы ўақытларында жоқары температураның халыққа унамсыз
тәсирин жумсартыў мақсетинде көшелер суўғарылмақта. Буннан тысқары, аймақларды
және де көклемзарластырыў мақсетинде ўәлаяттың ҳәр қыйлы районларында заманагөй
суўғарыў системасы орнатылып, газон ҳәм декоратив гүллерди үзликсиз суў менен
тәмийинлеў имканияты жаратылды.
Наўайы ўәлаятында халықтың саламатлығын қорғаў, экологиялық
жағдайды жақсылаў, жаздың ыссы күнлеринде қолайлы орталық жаратыў мақсетинде
тереклер, гүлзарлар ҳәм басқа да жасыл аймақларды суўғарыў бойынша турақлы
жумыслар даўам еттирилмекте.
Наманганда аномал ыссылық ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде
қаланың ири көшелерин қосымша суўғарыў шөлкемлестирилип, ўәлаят орайындағы
тереклер, газон ҳәм гүлзарларды суўғарыў илажлары күшейтилди.
Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети
пуқараларды бийпәрўа қалмаўға шақырады: ҳәзирги ыссы күнлерде ҳәр бир теректи
суўғарыў, ҳәр бир жасыл мүйешти сақлап қалыў мәмлекетимиздиң экологиялық
абаданлығына қосылған үлес болып есапланады.