Қолланба "Саҳрадағы суў" деп аталған. Ҳәзирги ўақытта жойбар сынақ тийкарында коммерцияластырыў басқышында болып, ислеп шығыўшылар үскенелерди сериялы ислеп шығарыў ушын техникалық ҳүжжетлерди таярлады.

Жойбар авторы, техника илимлериниң кандидаты Сергей Доржиевтиң атап өтиўинше, бир базалық қурылманың өндирислик қуўатлылығы киши бир елатлы пунктти, алыста жайласқан вахта ямаса әскерий базаны, туристлик кемпинг ямаса киши санаат объектин суў менен тәмийинлеў ушын жетерли.

Бул технология ыссы ҳәм қурғақ климатлы регионлар, соның ишинде, Орайлық Азия ушын айрықша қызығыўшылық оятады. Қурылма +12 градустан +60 градусқа шекем болған температурада ислеўге мөлшерленген болып, қуяш панельлеринен пайдаланған ҳалда автоном түрде ислей алады.

Қурылма ҳаўадан суўды қалай алады?

Технологияның тийкарында көп басқышлы конденсация цикли жатады. Атмосфера ҳаўасы арнаўлы дәслепки таярлаў блогына киреди, оннан соң суўытыўшы пластиналарға жибериледи. Олардың бетинде ҳаўадағы суў пуўлары конденсацияланып, суўға айланады.

Буннан кейин исленген ҳаўа рекуператор арқалы өтип, суўықлықты келетуғын ҳаўа ағымына жеткерип береди. Ислеп шығыўшылардың мағлыўматларына бола, бундай система 1 литр ислеп шығарылған суў ушын энергия жумсалыўын 0,4-0,7 кВт саатқа шекем азайтыў имканиятын береди.

Қурылманың өзине тән өзгешеликлеринан бири еки контурлы суўытыў системасы болып, оның нәтийжесинде үскенелер кең температуралар аралығында ислеў қәбилетин сақлап қалады.

Буннан тысқары, ислеп шығыўшылардың айтыўынша, қурылма ҳаўаның абсолют ығаллығы 5 г/м3 болған жағдайда ислей алады, бир қатар бар системалар болса 8-10 г/м3 болған көрсеткишлерди талап етеди.