Федерация Кеңесиниң Баслығы мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар тиледи.

Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге хызмет етип атырған еки мәмлекет парламентлериниң нәтийжели бирге ислесиўи үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў, санаат кооперациясы, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў бойынша жедел бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.