Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мәлим етиўинше, төмендеги нәтийжелер айрықша итибарға ылайық:

Халықаралық жасалма интеллект олимпиадасы. Быйылғы жарыста Өзбекстан дәслепки мәрте қатнасып, 3 - 1 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизди.

Химия пәни бойинша халықаралық олимпиада. Өзбекстан сайланды командасы 1 алтын медальды қолға киргизди. Олимпиада Өзбекстанда 96 мәмлекет ўәкиллериниң қатнасыўында болып өтти.

Ал-Хорезмий атындағы математика ҳәм информатика бойынша халықаралық олимпиада. Жарыс Ташкент ўәлаятында болып өтти. Өзбекстан оқыўшылары 61 медальға ийе болды: 11 алтын, 22 гүмис ҳәм 28 бронза.

Абу Али ибн Сино атындағы Халықаралық биология олимпиадасы. Өзбекстан 11 медаль - 2 алтын, 3 гүмис ҳәм 6 бронза медалын қолға киргизип, Олимпиаданың бирден-бир жетекшисине айланды.

Ең абырайлы халықаралық олимпиадалардағы нәтийжелер

2026-жылы Өзбекстан мектеп оқыўшылары ең ири халықаралық пән олимпиадаларында 16 медальды қолға киргизген: 1 алтын, 7 гүмис ҳәм 8 бронза.

Атап айтқанда:

Өзбекстанда өткерилген Халықаралық химия олимпиадасында - 1 алтын ҳәм 3 гүмис медаль;

Қытайда математика бойынша 119 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан халықаралық олимпиадада 2 гүмис ҳәм 3 бронза медаль;

Колумбияда 96 мәмлекет қатнасқан Халықаралық физика олимпиадасында 2 гүмис ҳәм 2 бронза медаль;

Литвада болып өткен 37-Халықаралық биология олимпиадасында 80 нен аслам мәмлекет ўәкиллери қатнасып, 3 бронза медалын қолға киргизди.

Буннан тысқары, немис тили ҳәм экономика бойынша халықаралық олимпиадаларда Өзбекстан мектеп оқыўшылары және 4 - 1 алтын ҳәм 3 бронза медалын қолға киргизди.

Мәселен, Германияда 51 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан немис тили бойынша халықаралық олимпиадада өзбекстанлы оқыўшылар 1 алтын ҳәм 1 бронза медалын қолға киргизди.

Қытайда 60 мәмлекет қатнасыўында өткерилген халықаралық экономика олимпиадасында Өзбекстан сайланды командасы 2 бронза медалын қолға киргизди.

Ерисилген нәтийжелер Өзбекстан мектеп оқыўшыларының жоқары дәрежеде таярланғанынан, олардың халықаралық интеллектуаллық жарыслардағы қатнасыўы кеңейип атырғанынан дәрек береди.