Социаллық қоллап-қуўатлаў шеңберинде 774 ўатанласымызға жәрдем көрсетилди. Соннан 597 адам, соның ишинде, 110 ҳаял-қыз ҳәм 228 жас өспирим бала елимизге қайтарылды. Және 91 пуқараға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилди, турақ жайсыз қалған 83 пуқара бир ай мүддетке бийпул хостелге жайластырылды, аўыр кеселлиги бар 3 пуқараға емлениў қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап берилди.

Сондай-ақ, 860 пуқараға ҳуқықый ҳәм әмелий жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, ўәкилликтиң жәрдеминде 64 жумысшыға улыўма 4 миллион сумлық мийнет ҳақы бойынша қарыздарлық төлеп берилди. 53 пуқараға Өзбекстанға қайтыў гүўалығы рәсмийлестирилди, 31 адамға жумыс бериўшилер тәрепинен алдын услап турылған шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қайтарып берилди, 712 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Сондай-ақ, ўәкиллик жәрдеминде жумыссыз қалған 220 Өзбекстан пуқарасы 7 кәрханаға жумысқа орналастырылды.

Миграция агентлигиниң еслетип өткениндей, Россияда мийнет ҳақысының төленбеўи, ҳүжжетлер менен байланыслы машқалалар, мийнет даўлары ямаса басқа да ҳуқықый мәселелерге дус келген Өзбекстан пуқаралары Миграция агентлигиниң Москва қаласындағы ўәкилханасына мүрәжат етиўи мүмкин.