Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық
Бас министрдиң орынбасары О.Раматовтың басшылығында Ҳүкимет комиссиясын дүзиў
ҳаққында Министрлер Кабинетиниң бийлиги қабыл етилди. Оның қурамына жуўапкер
министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери киргизилди.
Комиссияға
жәбирленген пуқараларды барып көриў ҳәм оларға зәрүр жәрдем көрсетиў, қайтыс
болғанлардың денелерин арнаўлы авиарейс пенен елимизге алып келиў ҳәм тийисли
мәнзиллерге жеткериўди шөлкемлестириў, қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларын
ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Буннан тысқары,
Россия Федерациясына Айрықша жағдайлар министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги,
Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Миграция агентлиги ҳәм басқа да жуўапкер
шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат арнаўлы жумысшы топар жиберилди. Ҳәзирги
ўақытта барлық илажлар көрилмекте.
Ҳәзирги ўақытта
ўақыя орнына Өзбекстан Республикасының Қазан қаласындағы Бас консуллығы ҳәм
Миграция агентлигиниң ўәкиллери жетип барған. Олар россиялы кәсиплеслери менен
турақлы байланыста болып, зәрүр оператив илажларды көрмекте.
Зыян көрген
Өзбекстан пуқаралары ҳаққында оператив мағлыўмат алыў ушын төмендеги телефонлар
арқалы мүрәжат етиў мүмкин:
Өзбекстан
Республикасының Қазан қаласындағы Бас консулы: +7 965 600 79 79;
Өзбекстан
Республикасы Миграция агентлигиниң Россия Федерациясындағы ўәкилханасы: +7 925
750 87 57, +7 925 127 00 02.