Мәмлекетимизде жоқары технологиялық санаат кәрханаларын шөлкемлестириўге жедел инвестиция киргизип атырған АҚШтың бул компаниясы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
"Air Products" дүньяда санаат газлерин ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў бойынша жетекши компаниялардан бири болып, оның базар капиталласыўы 60 миллиард доллардан артады. Компания дүньяның 50 ден аслам мәмлекетинде жылына 200 миллион тонна санаат газлерин ислеп шығарады, 750 ге шамалас өндирис объектлерин өз ишине алған тармақты басқарады.
Ҳәзирги ўақытта компанияның елимизге киргизген инвестицияларының улыўма көлеми 1 миллиард АҚШ долларынан артты. "GTL Uzbekistan" заводында санаат газлерин қайта ислеў, Ферғана нефтьти қайта ислеў заводында водород, "Наўайыазот"та суйық карбонат ангидрид ислеп шығарыў жойбарлары, Ташкент ҳәм Қаршы қалаларында билимлендириў бағдарламалары жуўмақланды.
Ушырасыў жуўмағында "жол картасы" тийкарында компания қатнасыўында жаңа жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириўге келисип алынды.