Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға таярлық шеңберинде Өзбекстан - Беларусь көп қырлы шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Усы жылдың май айында Ташкент ўәлаятында өткерилген Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисиниң пайдалы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жыл басынан берли 32 процентке өскен товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта. Аўыл хожалығы, машина қурылысы ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыўды жеделлестириў бойынша өз-ара муўапықласқан илажларды көриў әҳмийетли екени атап өтилди.