Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнамаға ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң үшинши мәжилиси қарарына қол қойды.

Мәмлекет басшылары жанында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:

- Пенсия тәмийнаты тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Туризм тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- 2030-жылға шекем товар алмасыўды 1 миллиард долларға жеткериў бағдарламасы;

- Инвестиция ҳәм саўда тараўларында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша әмелий ҳәрекетлер режеси;

- Сыртқы ислер министрликлери арасында 2027-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

- Әдиллик министрликлери арасында 2027-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

- Кинология тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

- Үргенш ҳәм Ханкенд қалалары, Бухара ҳәм Лачин, Үргенш ҳәм Нахичевань қалалары арасында туўысқанлық қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы протоколлар.