Кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары избе-из беккемленип, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди.
Мәресим шеңберинде банк тараўында бирге ислесиў, заманагөй қурылыс материалларын ислеп шығарыў, билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў, жанылғы қуйыў инфраструктурасын, ири туризм ҳәм турақ жай комплекслерин қурыў, минерал шийки затты қайта ислеў ҳәм бағшылықты раўажландырыўды нәзерде тутатуғын биргеликтеги жойбарларға старт берилди.
Илаж қатнасыўшылары аймақлардағы жойбарларды әмелге асырыў майданларынан онлайн байланысқа шығып, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Жаңа қоспа жойбарлар еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы кооперацияны және де кеңейтиўге, өз-ара инвестициялар көлемин арттырыўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, экономикалық бирге ислесиўди анық әмелий мазмун менен байытыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.