Ушырасыўда Саида Мирзиёева Қазақстан басшысына Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

"Қазақстан биз ушын тек ғана қоңсы емес, ал жақын дос, исенимли стратегиялық шерик ҳәм аўқамлас. Қасым-Жомарт Кемелевичке шын жүректен қабыллағаны ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланысларын буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысы ушын миннетдаршылық билдиремен", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.