Кеңестиң қарарына муўапық, Олий Мажлис Сенатының он жетинши жалпы
мәжилиси 2026-жыл 9-июль күни болып өтеди.
Жалпы мәжилистиң күн тәртибинен елимизди социаллық-экономикалық
раўажландырыў, мәмлекетлик басқарыў, қурылыс, техникалық жақтан тәртипке салыў,
өрт қәўипсизлиги, фармацевтика, социаллық қорғаў, санлы технологиялар,
халықаралық бирге ислесиў ҳәм нызамшылықты жетилистириўге байланыслы бир қатар
әҳмийетли мәселелер орын алған.
"Ташкент халықаралық финанс орайы ҳаққында"ғы ҳәм
"Халықаралық санлы технологиялар орайы ҳаққында"ғы конституциялық
нызамлар, "Социаллық жумыс ҳаққында"ғы нызам усылардың қатарына
киреди.
Сондай-ақ, жалпы
мәжилисте балаларды социаллық қорғаў, қыйнаў ҳәм зорлықтан жәбирленген
шахсларға социаллық хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў, қурылыс тараўын
техникалық жақтан тәртипке салыў, мәмлекетлик қадағалаў, өрт қәўипсизлиги,
мәмлекетлик пуқаралық хызмети, фармацевтика тараўы ҳәм басқа да бағдарларға
байланыслы нызамлар додаланады.
Сондай-ақ,
сенаторлар Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм
индекслердеги орнын жақсылаў ҳаққындағы Миллий баянатты тыңлайды.
Буннан тысқары,
басқарыў сервис компаниялары ҳәм турақ жай мүлк ийелери ширкетлери тәрепинен
көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген
парламентлик сораў нәтийжелери додаланады.