Экономикада еркин базар нызамлықлары әмел ететуғын болса, айырым түрдеги азық-аўқат өнимлериниң баҳаларында мәўсимлик өзгерислер ямаса ўақытша өзгерислер бақланыўы тәбийғый. Булар, ең дәслеп, базардағы талап ҳәм усыныс, климат шәраяты, сыртқы базар ҳәм логистикадағы объектив өзгерислер менен байланыслы экономикалық процесс сыпатында баҳаланады.
Мәмлекеттиң бул бағдардағы стратегиясы баҳаларды ҳәкимшилик буйрықпазлық пенен жасалма музлатып қойыўдан емес, керисинше, базар механизмлериниң эластикалық ислеўин тәмийинлеў, ишки имканиятларды кеңейтиў және зәрүр резерв ҳәм импорт қураллары арқалы баҳалардың кескин артып кетиўине жол қоймаўға қаратылған.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз базарлары ҳәм саўда комплекслеринде азық-аўқат өнимлериниң молшылығы тәмийинленип, бирде-бир түрдеги өним бойынша кескин жетиспеўшиликке жол қойылмай атыр. Бул турақлылық тийкарында мәмлекет тәрепинен ҳәр бир өним шынжыры ушын тынымсыз ҳәм қатаң гүрес және базарды дефициттен қорғаў бойынша кешиктирип болмайтуғын системалы жумыслар жатыр.
Соңғы ўақытлары гөш ҳәм азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў бағдарында көрилип атырған илажлар буның айқын дәлили болып есапланады.
Баҳалардың тийкарсыз түрде артып кетиўиниң алдын алыў бойынша әмелий қәдемлер көрилмекте. Соның ишинде, мәмлекетлик резервтен ун, қумшекер, өсимлик майы ҳәм тийкарғы түрдеги басқа да азық-аўқат ресурслары турақлы түрде биржа саўдаларына шығарылмақта.
Сондай-ақ, дийқанлар тәрепинен халық көп жасайтуғын аймақлар ҳәм базарларда гөш, мәйек, овощ өнимлерин өз баҳаларында, артықша дәлдалшыларсыз сатыў ушын арнаўлы орынлар шөлкемлестирилмекте. Қыс ҳәм бәҳәр мәўсими ушын жергиликли ҳәкимликлер жанында тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң турақлы резервлери қәлиплестирилмекте. Ишки базарда үзилислердиң алдын алыў мақсетинде қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте өнимлерди жедел алып келиў илажлары көрилмекте.
Экономиканы қоллап-қуўатлаўда тек ғана ҳәкимшилик емес, ал оғада күшли салық жеңилликлери қолланылмақта. Бул процессте өз ўақтында қабыл етилген әҳмийетли қарарлар тийкарында иске қосылған күшли ҳуқықый ҳәм экономикалық механизмлер ишки базарды қорғаўда шешиўши ўазыйпаны атқармақта.
Тийкарғы азық-аўқат өнимлерин сатыў ҳәм импорт етиў процесслери қосымша қун салығынан (ҚҚС) ҳәм бажыхана бажыларынан азат етилген болып, бул таяр өнимниң өзине түсер баҳасын төменлетпекте.
Исбилерменлерге мал ҳәм қой гөшин ҳаўа транспортында алып келиў қәрежетлериниң 50 проценти (ҳәр бир килограмм ушын 0,8 доллардан аспаған муғдарда) қаплап берилиўи жолға қойылды.
Шарўашылық ҳәм аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаўға қаратылған қарарлар шеңберинде халықаралық финанс институтлары, коммерциялық банклер ҳәм финанс институтларының қаржылары жеңиллетилген ставкаларда ажыратылмақта.
Тири қарамал, қой ҳәм ешки импортында есапланған ҚҚСты 180 күнге шекем кешиктирип төлеў имканияты исбилерменниң айланыс қаржысын сақлап қалып, базарға арзан қарамал кирип келиўин хошаметлемекте.
Алыс аймақлардан өнимлерди жеткерип бериў ҳәм импорт етиўши исбилерменлердиң транспорт қәрежетлериниң бир бөлеги қапланбақта.
Бәсеки комитети арқалы тийкарсыз түрде жасалма түрде баҳаны арттырыў, тил бириктириў жағдайларының қатаң алдын алынбақта.
Президентимиздиң 2025-жыл 31-октябрьдеги "Халықты азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары аўыл хожалығы ҳәм фермерлик ҳәрекети тарийхында мисли көрилмеген бурылыс жасап, атызларда инфраструктура қурыў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты. Усы ҳүжжетке муўапық, усы жылдан 20 сотыхқа шекемги майданларда ҳәм атыз шетлеринде заманагөй шарўашылық комплекслерин қурыў, жер ийелерине өз участкаларында тек ғана дийқаншылық пенен шекленип қалмастан, суў имаратлары, зүрәәтти сақлаў ҳәм терең қайта ислеў имаратларын тиклеўге кең жол ашылды. Бул арқалы жетистирилген өнимди басқа жерге тасыў, артықша жүклеў ҳәм сергизданлық пенен байланыслы қәрежетлер кескин қысқарды. Ең әҳмийетлиси, өнимди жетистириўден баслап таяр қосымша қун жаратыўға шекемги барлық процесслер тиккелей атыздың өзинде бирлесип, көп тармақлы фермерликти жаңа басқышқа көтерди.
Ҳәр қандай экономикалық системада тәбийий ҳәм климат факторлары шешиўши роль ойнайды. Атап айтқанда, соңғы жыллары мәмлекетимизде халық санының жедел өсип барыўы фонында ишки базардағы талаптың артыўы ҳәм глобал ысыў нәтийжесинде келип шығып атырған климат өзгерислери бундай шақырықларды және де айқын көрсетпекте.
Бир неше жыл алдын бақланған картошка жетиспеўшилиги буған айқын мысал бола алады. Елимиздиң қурғақ ҳәм ыссы климат шараятында орта картошка жетистириў айырым аймақларда қыйынласқаны ҳәм дийқанлар бул егинди егиўди азайтқаны объектив ҳақыйқатлық еди. Бирақ бундай жағдайда ескише ҳәкимшилик буйрықпазлық ямаса мәжбүрий егиў жолынан емес, ал саламат базар қатнасықларына сүйенип, импорт географиясын кеңейтиў ҳәм теңсалмақлылықты сақлаўдың ақылға уғрас илажлары көрилди.
Нәтийжеде Пакистан, Беларусь, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерден сапалы картошка өз ўақтында алып келиниўи ишки базардағы талапты жумсартты ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинледи. Бүгинги күнде тап усындай қатнас гөш ҳәм басқа түрдеги азық-аўқат өнимлери бойынша да қолланылмақта.
Ҳәзирги шараятта жайлаў шарўашылығы менен шуғылланыўшы шарўаларға берилип атырған кең көлемли жеңилликлер, финанслық кредитлер, субсидиялар және пайдаланыўдан шыққан жайлаў жерлерин және айланысқа киргизиў бағдарындағы системалы илажлар жергиликли гөштиң баҳасын турақлы услап турыўда әҳмийетли тийкар болмақта.
Елимиздиң ишки базарын имканы болғанынша арзан ҳәм сапалы гөш өнимлери менен толтырыў бойынша тарийхта болмаған көлемдеги мәнзилли илажлар көрилмекте. Сырт елли бирге ислесиўшилер менен кең көлемли келисимлер шеңберинде шеттен таяр гөш ҳәм шарўа маллары алып келинбекте.
Соның ишинде, Монголиядан елимиздиң ықлым шараятына сәйкес, шыдамлы ҳәм өнимдар нәсилли қойлар алып келинди. Бул ийгиликли жойбарларға Өзбекстан фермерлери кеңеси жанындағы қор тәрепинен де 15 миллиард сумнан аслам ресурс қаратылды.
Турақлы баҳаны мәмлекеттиң ҳәкимшилик қарарлары емес, бәринен бурын, базардағы жетерли усыныс тәмийинлейди. Сонлықтан, мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпасы баҳаны мәжбүрий түрде услап турыў емес, ал оның кескин өсиўине себеп болып атырған факторларды сапластырыў, өндиристи көбейтиў ҳәм базарда бәсеки орталығын беккемлеўден ибарат. Бүгин фермерге жаратылып атырған ҳәр бир жеңиллик ҳәм қоллап-қуўатлаў илажы ертең базардағы қосымша өнимге айланып, халықтың дастурханы молшылығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Импорт болса бүгинги жетиспеўшиликти жумсартыў менен бирге, нәсилли шарўа импорты сыяқлы механизмлер арқалы ертеңги ишки өндирис потенциалын арттырады. Усы мәнисте, ҳақыйқый азық-аўқат қәўипсизлиги өнимди ҳәкимшилик жол менен арзанлатыў емес, ал халық ушын сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимди жетерли муғдарда усыныс етиў, оны таңлаў ҳәм сатып алыў имканиятын кепиллеў болып есапланады.
Өзбекстан аграр секторы ҳәм азық-аўқат базарындағы бүгинги тарийхый өзгерислер тек ғана ўақтыншалық ямаса тактикалық жаңаланыў емес, ал ертеңги стратегиялық турақлылық ҳәм инсан қәдирин тәмийинлейтуғын қүдиретли тийкар болып есапланады. Экономикада еркин базар нызамлықларын қолланыў, ишки имканиятларды кеңейтиў және импорт ҳәм резерв механизмлерин эластикалық дәрежеде үйлестириў нәтийжесинде ишки базарда тең салмақлыққа ерисилди.
Жерден ақылға уғрас пайдаланыў, атыздың өзинде барлық инфраструктура ҳәм қайта ислеў шынжырларын қәлиплестириў, сондай-ақ, дийқан ҳәм исбилерменлерге жаратып берилген шексиз имканиятлар халқымыз дастурханының турақлы молшылығын кепиллемекте. Мәмлекетимиз басшысы ҳақылы түрде атап өткениндей: "Бизиң тийкарғы байлығымыз - жер, суў ҳәм мийнеткеш халқымыз. Бул имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, халқымыздың дастурханын мол, турмысын абадан етиў - ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып есапланады".
Жердиң қайыр-сақаўаты, базар механизмлериниң қолланылыўы ҳәм халықтың мәплерин қорғаўға қаратылған системалы сиясий ерк-ықрар бир орында бирлесип, мәмлекетимиз азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде тек ғана турақлы модель жаратып қоймастан, ал ҳәр бир шаңараққа қут-берекет ҳәм ертеңги күнге беккем исеним алып кирди.
Тўлқин САТТОРОВ,
Фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў
қоры директоры