Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы (ЭИРО) Саўда-санаат палатасы (ССП) менен биргеликте мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 5 мыңнан аслам исбилермен арасында сораўнама өткерди. Изертлеў бизнес жүргизиў шараятлары ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў илажларының нәтийжелилигин баҳалаў, сондай-ақ, исбилерменлик орталығын және де жетилистириў ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға қаратылған.

Сораў қатнасыўшыларының көпшилигин жеке меншик бизнес ўәкиллери (93 процент) қураған. Жумыс түрлери бойынша көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы (43 процент), хызмет көрсетиў тараўы (30 процент), санаат (17 процент), қурылыс (8 процент), аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы (2 процент) ең көп тарқалған.

Таңлап алыў ҳәр қыйлы жумыс тәжирийбесине ийе кәрханаларды қамтып алады. Дерлик ҳәр төрттен бири 10 жылдан аслам (24%), төрттен бири 5 жылдан 10 жылға шекем (28%), төрттен бири 3 жылдан 5 жылға шекем (26%), ҳәр бесиншиси 1 жылдан 3 жылға шекем (20%).

Кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыўды таллаў

Сораў нәтийжелери кәрханалар нәтийжелиликти арттырыўдың ҳәр қыйлы қуралларынан пайдаланып атырғанын көрсетпекте. Ҳәр үш кәрханадан биреўи бир неше санлы шешимлерди (33 процент) енгизген, кеминде еки бағдарда жасалма интеллектти қолланатуғын кәрханалардың салыстырмалы үлеси (30,4 процент), дерлик ҳәр төрттен бири энергияны үнемлейтуғын шешимлерден пайдаланады (23,2 процент). Соның менен бирге, кәрханалар өзине түсер баҳаны азайтыў мақсетинде жаңа өнимлер ҳәм технологияларды енгизбекте, өндирис ҳәм бизнес процесслерин қайта көрип шықпақта.

Комплекс илажларды қолланыў кәрханалар жумысының жоқары нәтийжелери менен байланыслы. Нәтийжелиликти арттырыў бойынша кеминде үш илажды енгизген кәрханалардың ярымынан көби өним ҳәм хызметлерге болған талаптың өскенин (54,1 процент) атап өтпекте. Бундай кәрханалар өзине түсер баҳаны 4,1 есеге азайтыўға ериседи, олар арасында мийнет ҳақы 10 проценттен көбирек өскен кәрханалардың үлеси болса 2,1 есеге жоқары.

Нәтийжелиликти арттырыў бойынша кеминде үш илажды әмелге асырған кәрханалардың инвестициялық белсендилиги жоқары болып, олардың ярымынан көби келеси жылы инвестицияларды көбейтиўди режелестирген (57,8 процент).

Соның менен бирге, нәтийжелиликти арттырыў инструментлерин комплексли қолланыў елеге шекем кең тарқалмаған. Үш ҳәм оннан артық илажларды дерлик ҳәр тоғызыншы кәрхана (11,6 процент) әмелге асырады, төрттен бир бөлегинен асламы болса көрип шығылған илажлардың ҳеш бирин қолланбайды (28,5 процент).

Тармақлар кесиминде үш ҳәм оннан аслам илажлар санаат ҳәм хызмет көрсетиў тармақлары (ҳәр бири 13 проценттен), саўда (11 процент), қурылыс (9 процент) ҳәм аўыл хожалығы (8 процент) кәрханалары тәрепинен бир қанша аз әмелге асырылмақта. Регионаллық кесим көбирек айырмашылықларды көрсетеди. Ең көп илажлар комплекси Ташкент қаласында (18 процент) қолланылмақта, Самарқанд (4 процент), Бухара (3 процент) ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында (2 процент) болса көрсеткишлер бир қанша төмен.

Кәрханалардың санлы раўажланыўын талқылаў.

Сораў нәтийжелери тийкарғы санлы шешимлердиң кәрханалар арасында кең тарқалғанлығын көрсетпекте (94%).

Кәрханалардың ярымынан көби (60 проценти) жасалма интеллектти ҳәр қыйлы көринисте қолланбақта. Маркетинг ҳәм сатыў (24%), өндирис процесслерин оптималластырыў (15%), бухгалтерия есабы ҳәм финанслық таллаў (14%), сондай-ақ, чат-ботларда (13%) ЖИ ең көп тарқалған.

Соның менен бирге, тиккелей өндирис, логистика ҳәм қаржы процесслеринде кәрханалардың үштен бир бөлегине шамаласы (31 процент) ЖИ дан пайдаланады, бул болса оны келешекте әмелиятта қолланыў имканиятларын көрсетеди.

Дерлик ҳәр екинши кәрхана саўданы шөлкемлестириў ҳәм қарыйдарлар менен ислесиў ушын қарыйдарлар менен қатнасықларды басқарыў системаларынан (CRM) пайдаланады (48%). CRM системалары хизмет көрсетиў тараўында ен кең қолланылады (54%). Санлы бизнес-анализ қуралларынан тек ҳәр жетинши кәрхана (14%) пайдаланады. Жеке меншик кәрханалардың дерлик ярымы бундай системалардан пайдаланбайды, шерек бөлегинен көбиреги болса бундай санлы шешимлер ҳаққында мағлыўматқа ийе емес.

Бес кәрханадан төртеўден асламы ушын (80,9%) социаллық тармақлар хызмет көрсетиў ҳәм қарыйдарлар менен ислесиўдиң әдеттеги каналына айланған. Кәрханалардың ярымынан көбирегинде (58,8%) онлайн сатыў жолға қойылған болса да, өнимлериниң ярымынан көбин интернет арқалы сататуғын кәрханалардың үлеси елеге шекем аз (9%). Санлы төлем системаларын ҳәр төрттен бир кәрхана (25%) қолланбақта.

Секторлық кесим санлы әсбаплардан пайдаланыў характериндеги парықларды көрсетеди. Хызмет көрсетиў тараўында CRM системалары (54 процент), жасалма интеллект (68 процент), онлайн сатыў (67 процент) ҳәм социаллық тармақлар (87 процент) ең көп қолланылады.

Санаатта CRM системасы (49 процент) ҳәм жасалма интеллект (60 процент), онлайн саўда (61 процент) ҳәм социаллық тармақлар (81 процент) кең тарқалған.

Саўда тараўында санлы төлем системаларынан салыстырмалы кеңирек пайдаланылмақта (31%). Сондай-ақ, исбилерменлердиң ярымынан көби жасалма интеллект (55 процент) ҳәм онлайн сатыў (54 процент), социаллық тармақлардан болса исбилерменлердиң төрттен үш бөлегинен көби (77 процент) пайдаланбақта.

Қурылыста ең көп социаллық тармақлардан (80 процент), кәрханалардың ярымынан көби жасалма интеллект (55 процент) ҳәм онлайн сатыў (51 процент), CRM системаларынан (43 процент) пайдаланылады.

Аўыл хожалығында санлы төлем системалары салыстырмалы түрде кең тарқалған (30%). Соның менен бирге, кәрханалардың 43 процентинде жасалма интеллект, 49 процентинде онлайн саўда, 66 процентинде социаллық тармақлардан пайдаланылмақта.

Кәрханалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бағдарлары

Изертлеў нәтийжелери кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыўдың келешектеги имканиятлары заманагөй технологиялар ҳәм басқарыў шешимлерин кеңнен енгизиў, өндиристи модернизациялаў ҳәм автоматластырыў, санлы саўда каналларын раўажландырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў менен байланыслы екенлигин көрсетеди.

Бундай қуралларды комплексли қолланған кәрханалардың жоқары нәтийжелери оларды избе-из енгизиўдиң нәтийжелилик ҳәм инвестициялық белсендиликти арттырыўда әҳмийетли екенлигин көрсетеди.

Айрықша бағдар кәрханалардың технологиялық жаңаланыўы менен байланыслы. Сораў нәтийжелери жаңа өнимлер ҳәм технологияларды енгизиў, талап артыўы ҳәм инвестициялық белсендилик арасындағы байланысты көрсетпекте.

Соның менен бирге, кәрханалардың ярымы (51 процент) жаңа өнимлер, хызметлер ҳәм инновацияларды модернизациялаў ҳәм енгизиў арқалы технологиялық жаңаланыўды даўам еттириў имканиятын сақлап қалмақта.

Санлы шешимлердиң кейинги тарқалыўы оларды енгизиў шараятларына да байланыслы. Исбилерменлердиң есап-санақларына бола, санластырыўдың раўажланыўына интернет инфраструктурасын жақсылаў (13%), маман қәнигелердиң қолайлылығын арттырыў (10%), технологияларды енгизиўге байланыслы финанслық қәрежетлерди азайтыў (9%) жәрдем бериўи мүмкин.

Кадрларға болған талап кеңирек изертлеў нәтийжелери менен де тастыйықланады, бул жерде кәрханалар ҳәр қыйлы маманлықтағы қәнигелер, соның ишинде, IТ ҳәм инженерлик-техникалық кадрлар жетиспейтуғынын атап өтеди.

Жуўмақ

Улыўма алғанда, сораўнама нәтийжелери бизнес нәтийжелилигин және де арттырыў айырым санлы қураллардан пайдаланыўдан оларды тиккелей өндириске ҳәм басқарыўға енгизиўге өтиў менен байланыслы екенин көрсетпекте.

ЭИРОның жуўмақлары Жәҳән банкиниң изертлеў нәтийжелери менен сәйкес келеди. Кәрханалардың мағлыўматларын таллаў соны көрсетеди, санаатқа тийкарғы кириў имканиятларынан булытлы хызметлер, басқарыў системалары, аналитика ҳәм жасалма интеллект сыяқлы қурамалы шешимлерден пайдаланыўға өтиўде өндирис көрсеткишлериниң ең көп өсиўи жүзеге келеди. Соның менен бирге, санлы төлемлер ҳәм онлайн сатыўлар ишки бизнес-процесслердиң өзгериўи менен байланыслы болмаса, өз-өзинен шекленген нәтийже береди.

Технологиялық жаңаланыўдың әмелге асырылмаған үлкен потенциалы, бәринен бурын, басқарыў ҳәм санлы компетенцияларды раўажландырыў, маман кадрларды таярлаў ҳәм технологиялардан пайдаланыўды қоллап-қуўатлаўдан оларды кәрханаларда әмелий енгизиўге өтиўге байланыслы.

Бундай көзқарас экономикалық өсиўдиң узақ мүддетли өнимдарлықтың артыўын жаңа билимлерди тарқатыў ҳәм оларды әмелиятта қолланыў менен байланыстыратуғын заманагөй изертлеўлерге де сәйкес келеди (Экономика бойынша Нобель сыйлығы, 2025; Жоэль Мокир, Филипп Агьон, Питер Ховитт).

Усы мүнәсибет пенен бизнести қоллап-қуўатлаўдың кейинги илажлары кәрханалардың өндирис ҳәм басқарыў процесслерине технологияларды әмелий енгизиўди кеңейтиўге қаратылыўы керек.