Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хабар берди.

Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстанның талантлы жасларын сыйлықлаў ҳәм материаллық хошаметлеў ҳаққында"ғы 226-санлы қарарына муўапық, бир қатар республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары ушын жоқары оқыў орынларына кириўде тийисли жеңилликлер нәзерде тутылған.

Атап айтқанда, “Туран” - мектеп театры, “Иқтидор” - мектеп ансамбли ҳәм “Жадидлер изинен” таңлаўларының республикалық басқышында 1-орынды ийелеген профессионал билимлендириў мәкемелери, қәнигелестирилген мектеплер ҳәм көркем өнер ҳәм мәденият мектеп-интернатлары және улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилерине жоқары оқыў орынларының музыка, аяқ ойын, театр, фольклор, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарларына оқыўға кириўде жеңиллик бериледи.

Усындай жеңиллик усы бағдарлар бойынша 1-3-орынларды ийелеген халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары ушын да нәзерде тутылған.

Жеңимпазларға кәсиплик (дөретиўшилик) кириў имтиханында тийисли бағдар бойынша ең көп балл нәзерде тутылған пәннен максимал балл алыў ҳуқықы бериледи.

Буннан тысқары, “Иқтидор” мектеп ансамбли таңлаўының ўәлаятлық басқышы жеңимпазлары, жоқары оқыў орнына кириў жасына жетпегенлер балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде бийпул билим алыў имканиятына ийе болады.