Илажда Цзянсу провинциясы министрликлери ҳәм уйымлары, саўда-санаат
палаталары, исбилермен топарлар ҳәм жетекши компаниялардың ўәкиллери қатнасты,
деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Форумда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық қатнасықлар кейинги
жылларда жедел ҳәм турақлы раўажланып атырғаны атап өтилди. Еки мәмлекет
аймақлары делегацияларының, сондай-ақ, исбилермен топарлар ўәкиллериниң өз-ара
сапарлары жеделлескени атап өтилди.
Илаж
қатнасыўшыларына Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын жаратылған қолайлы
инвестициялық орталық, аймақлардың саўда-экономикалық потенциалы, экономиканың
жетекши тармақлары, еркин экономикалық ҳәм санаат зоналарының имканиятлары,
елимиздиң туристлик потенциалына бағышланған презентациялар көрсетилди.
Өзбекстандағы еркин экономикалық ҳәм санаат зоналарының жумысы ҳәм
имканиятларына айрықша итибар қаратылды.
Форум
қатнасыўшыларына еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, соның
ишинде, экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиўге қаратылған ири
қоспа жойбарлар ҳәм перспективалы режелер ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Қытайлы
исбилерменлер Өзбекстан экономикасына қосымша инвестицияларды тартыў, жаңа
түрдеги ҳәм сапалы өнимлердиң экспортын кеңейтиў мәселелеринде ҳәр тәреплеме
жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.
Цзянсу
провинциясы саўда департаменти ўәкили Чень Сяодун Қытай ҳәм Орайлық Азия
мәмлекетлери арасында инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиў
жылдан-жылға раўажланып атырғанын атап өтти.
Атап айтқанда,
2025-жылы Цзянсу провинциясы ҳәм Өзбекстан арасында импорт ҳәм экспорт көлеми
сезилерли дәрежеде артатуғыны, провинцияның жетекши компаниялары мәмлекетимизде
бир қатар жойбарларды әмелге асырыўға инвестиция киргизгени атап өтилди.
Форум жуўмағында “G2B”
ҳәм “B2B” форматларында сөйлесиўлер өткерилип, бир қатар өз-ара пайдалы
бағдарларда бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди.
Сондай-ақ,
тәреплер Қытай компаниялары менен түрли тараўларда инвестициялық жойбарларды
әмелге асырыў, Қытай исбилерменлериниң Өзбекстанға бизнес миссияларын
шөлкемлестириўге келисип алды.