Ал, бул бағдар қандай илажларды өз ишине алады?
Балалардың рак кеселлигин, әдетте, ғалабалық скрининг арқалы анықлаў имканияты шекленген. Сол себепли өз ўақтында ҳәм анық диагноз қойыў өмиршеңликти арттырыўдың ең әҳмийетли факторларынан бири.
Миллий режеге бола, рак кеселлигине гүман етилген ҳәр бир бала ушын "жасыл коридор" принципи енгизиледи. Ол наўқастың жасаў орнына қарамастан, дәслепки белгилер анықланған ўақыттан баслап зәрүр тексериў ҳәм қәнигелестирилген жәрдемге өз ўақтында жетип барыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Буның ушын:
наўқасларды қәнигелерге бағдарлаўдың стандарт протоколлары енгизиледи;
басланғыш буўын шыпакерлери балалар рак кеселлигин ерте анықлаў бойынша турақлы оқытылады;
аймақларда лабораториялық диагностика модернизацияланады, морфологиялық диагностика бойынша референс-орайлар жолға қойылады;
аймақлық ҳәм республикалық орайлар арасында телемедициналық мәсләҳәтлесиўлер кеңейтиледи;
МРТ, МСКТ, ПЕТ-КТ ҳәм басқа да заманагөй нур диагностикасы имканиятлары басқышпа-басқыш раўажландырылады.
2030-жылға барып, диагнозлардың 95 процентин наўқастың денсаўлықты сақлаў системасына биринши мүрәжатынан кейин 14 күн ишинде қойыў мақсет етилген.
Сондай-ақ, басланғыш буўын шыпакерлериниң 98 проценти балалар рак кеселлигин ерте анықлаў бойынша хабардар болыўы, басланғыш диагнозлардың референс-лабораториядағы тастыйықлаўшы диагностика менен сәйкеслиги 95 процентке жеткерилиўи нәзерде тутылған.
Тийкарғы мақсет бала қай жерде жасамасын, оған оператив, анық ҳәм бирдей стандарттағы диагностика имканиятын жаратыўдан ибарат.
ДСМ Баспасөз хызмети.