Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 28-январьдағы "Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы тараўдың өндирислик имканиятларын кеңейтиўге, заманагөй технологияларды енгизиўге хызмет етпекте.

Ташкент қаласының Алмазар районында жайласқан «RomPharm NS» кәрханасында бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар дыққатқа ылайық.

Кәрхананың тийкарғы мақсети ишки базарды сапалы фармацевтика өнимлери менен тәмийинлеў, импорттың орнын басатуғын дәри-дәрмақ қуралларын ислеп шығарыў көлемин арттырыўдан ибарат. Келешекте жыллық қуўатлылық 1 миллиард дана таблетка, 500 миллион дана капсула ҳәм 120 миллион дана саше ислеп шығарыўға жеткериледи.

Кәрхана Европа Аўқамының “GMP” стандартларына муўапық шөлкемлестирилген толық өндирислик цикли ҳәм қадағалаў лабораториясына ийе Орайлық Азиядағы биринши комплекслерден бири болып есапланады.

Жойбардың улыўма баҳасы 45 миллион евроны қурайды. 1,7 гектар майданды ийелеген кәрханада 150 жаңа жумыс орны жаратылған. Өндирис процесиниң 90 проценти автоматластырылған. Заманагөй үскенелер Италия, Германия, Австрия, АҚШ, Швейцария ҳәм Болгариядан алып келинген.

Кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлер толық импорттың орнын басыўға бағдарланған. Тийкарғы итибар неврология, кардиология, метаболикалық процесслерди тәртипке салыў ҳәм исиниў кеселликлерин емлеўде қолланылатуғын дәри қуралларын ислеп шығарыўға қаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумысы менен танысып, заманагөй технологиялар тийкарында өндирис қуўатлылықларын кеңейтиў, ишки базарды сапалы фармацевтика өнимлери менен тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Импортқа байланыслылықты азайтыў ҳәм тармақта жаңа жумыс орынларын жаратыў тийкарғы мақсет екени атап өтилди.

Усы жерде Президентимизге кәрхананың келешектеги режелери ҳаққында презентация өткерилди.