Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын модернизациялаў, заманагөй технологияларды енгизиў, халықтың сапалы хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў бойынша перспективалы жойбарларды додалады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Сондай-ақ, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, инфраструктураны раўажландырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлеринен пайдаланған ҳалда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Компанияның алдынғы тәжирийбесин Өзбекстанда қолланыўға айрықша итибар қаратылды. 2005-жылы шөлкемлестирилген "TAQA Water Solutions" компаниясы бүгинги күнде күнине 1,3 миллион куб метрден аслам ақаба суўларды тазаламақта, дерлик 13 мың километр узынлықтағы канализация тармақларын басқармақта, 40 тан аслам тазалаў қурылмалары, сондай-ақ, 260 тан аслам насос ҳәм көтериў станцияларынан пайдаланбақта.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша әмелий сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды.