“Парашют” пенен берилген нәтийжели соққы даўыс бериўде Лионел Месси, Килиан Мбаппе ҳәм Винисиус Жуниор сыяқлы жәҳән футбол жулдызларының голларын артта қалдырып, өзбек футболшысына жеңис алып келди.

ФИФАда атап өтилгениндей, Шомуродовтың голы Өзбекстан сайланды командасының жәҳән чемпионатындағы дәслепки ойынының ең жарқын ўақыяларынан бири болды ҳәм пүткил дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятты.

Жоқары нәтийжеге халықаралық онлайн даўыс бериўде қатнасқан футбол ықласбентлериниң белсене қоллап-қуўатлаўы себепли ерисилген.

Элдор Шомуродовтың турнирдеги ең жақсы гол деп табылыўы футболшының өзи ушын да, пүткил өзбек футболы ушын да үлкен жетискенлик болып, миллий сайланды командамыз сәрдарының жәҳән майданындағы шеберлиги жоқары екенлигин тастыйықлады.