Жыл басынан берли мәмлекетимиз экономикасы 8,5 процентке өсти. Санаатта 8 процент, хызмет көрсетиўде 16,9 процент, қурылыста 13,8 процент, аўыл хожалығында 4,7 процент өсиў тәмийинленген. Инвестициялардың көлеми 28 миллиард долларға, экспорт 14,4 миллиард долларға жетти. "Fitch" ҳәм "Moody’s" халықаралық рейтинг агентликлери Өзбекстанның суверен кредит рейтингин көтерди.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, 40 миллион халықтың турмыс сапасын жақсылаў ушын 9-10 процент экономикалық өсиўди тәмийинлеў зәрүр. Буның ушын аймақ ҳәм тармақ басшылары бар имканиятларды толық иске қосып, ҳәр бир жойбар ҳәм кәрхана бойынша анық нәтийжелерге ерисиўи керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте аймақлар ҳәм тармақлар басшыларының 6 айлық режелериниң орынланыўы сын көзқарастан талланды. Айырым аймақларда жалпы аймақлық өнимниң, қурылыс, инвестиция, санаат өндириси ҳәм экспорт көлеминиң өсиўин тәмийинлеў бойынша бар резервлер толық иске қосылмай атырғаны атап өтилди. Айлық, шереклик ҳәм жыллық режелерди орынламаған басшыларға жуўапкершиликти күшейтиў бойынша қарар қабыл етилди.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, ҳәр бир министр ҳәм ҳәкимниң жумысы адамлардың күнделикли турмысында сезилмесе, исбилерменлердиң аўырын жеңил етпесе, ерисилген нәтийжелер тек ғана қағазда қалып кетеди. Соның ушын орынларда инфраструктураны раўажландырыў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў жумыслары пүткиллей жаңаша көзқарас тийкарында шөлкемлестириледи.

Мәжилисте "мәҳәлле жетилиги" жумысын жаңа тийкарда шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда "Әҳмийетли қырқ күнлик" жәрияланып, аўыр жағдайдағы 2 мың мәҳәлледе жаңа системаны енгизиў жумыслары басланған. Ҳәкимлер бул мәҳәллелерде электр, газ, жол ҳәм суў менен байланыслы мәселелердиң өз ўақтында шешилиўине жеке жуўапкер болады.

Бәнтлик уйымлары ҳәр бир аймақта жәрдемге мүтәж пуқараларды оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў бойынша мәнзилли жумыс алып барады. Банклер ҳәм Мәҳәллелер аўқамы басқармаларының жумысын қайта көрип шығыўға қарар етилди. Келеси үш ай олар ушын әмелий аттестация дәўири болады. Мәҳәллелердиң абатлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў, халықтың турмыс мәдениятын арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнес орталығын жақсылаў мәселелери де додаланды. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде 51 министрлик ҳәм уйымға 322 бағдар бойынша финанслық санкцияларды қолланыў ўәкиллиги берилген болып, 2024-2026-жылларда қолланылған жәриймалардың улыўма муғдары дерлик 3 триллион сумды қураған. Президентимиз қадағалаўшы уйымлар, бәринен бурын, исбилерменлерге имканият бериўди үйрениўи, оларға дурыс жол көрсетиўи керек екенлигин атап өтти.

Сыртқы базарларда бәсеки күшейип баратырған ҳәзирги шараятта экспортёрлар ушын төлемлер, жыйымлар ҳәм артықша қәрежетлерди қысқартыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Барлық министрликлер ҳәм уйымларға бюрократиялық тәртип-қағыйдалар, жәриймалар, төлемлер ҳәм жыйымларды қысқартыў, исбилерменлик орталығын және де жақсылаў бойынша усыныслар киргизиў ўазыйпасы қойылды.

Санаат өндириси ҳәм экспорт көрсеткишлери де сын көзқарастан талланды. Бир қатар район ҳәм қалаларда санааттың өсиў пәтлери төменлегени, экспорт бойынша күтилген нәтийжелерге ерисилмегени атап өтилди. Бас министрге нәтийжеге ериспеген ҳәкимлердиң жумысын көрип шығып, 9 айдың жуўмағы бойынша унамлы өзгерис болмаған жағдайда жуўапкер басшыларға қатаң шара көриў тапсырылды.

Стратегиялық кәрханалардың қәрежетлери талланып, айырымларында өнимниң өзине түсер баҳасы артқаны анықланғаны көрсетип өтилди. Энергетика тармағында жоғалтыўлар дәрежеси жоқары екени, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди бөлистириў нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ири компаниялардың базар баҳасын арттырыў, оларды "IPO"ға таярлаў ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Жыл басынан берли салық түсимлери 27 процентке артып, 130 триллион сумнан артқан болса да, қосымша түсимлерди тәмийинлеў бойынша жыллық реже талап дәрежесинде орынланбай атырғаны сынға алынды.

Өндирислерди тиклеў ҳәм меншиклестириў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде тоқымашылық тармағындағы бир қатар кәрханалар ислемей атырғаны себепли 5 триллион сумлық өним ислеп шығарыў ҳәм 400 миллион долларлық экспортты тәмийинлеў имканияты қолдан жиберилмекте. Сондай-ақ, усы жылдың басынан берли 57 тармақ ҳәм 76 аймақлық кәрхана тәрепинен өндирис көлеми 11 триллион сумға қысқарғаны сынға алынды.

Жуўапкерлерге ҳәр бир жумыс ислемей атырған кәрхананың жумысын толық таллап, олардың жумысын тиклеў бойынша тапсырма берилди. Буннан тысқары, жаңа меншиклестириў бағдарламасы шеңберинде улыўма баҳасы 100 триллион сум болған көшпес мүлк объектлери, жер участкалары ҳәм мәмлекетлик үлеслерди саўдаға шығарыў, мәмлекетлик активлерди сатып алған исбилерменлер ушын төлем шәртлерин жеңиллетиў нәзерде тутылған.

Соңғы үш жылда улыўма баҳасы 11 миллиард долларлық 509 экспортқа қолайлы қуўатлықлар иске қосылған болса да, олардың 208 и сыртқы базарларға шықпаған. Бул кәрханаларда ислеп шығарылған өнимлердиң кеминде 30-40 проценти экспортқа бағдарланса, қосымша 1,5-2 миллиард доллар валюта түсимин тәмийинлеў мүмкин.

Жыл басынан берли 47 арнаўлы экономикалық зонаның 29 ында бирде-бир экспорт операциясы әмелге асырылмағаны да сынға алынды. Жуўапкерлерге "оператив бригадалар" дүзип, экспортқа шықпаған кәрхана ҳәм экономикалық зоналарда сертификатлаў, айланыс қаржы менен тәмийинлеў, базар табыў ҳәм логистика мәселелерин жедел шешиў бойынша тапсырмалар берилди.

Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў бойынша да ўазыйпалар белгиленди. Кейинги еки жылда бул мақсетлер ушын 15,5 миллиард сум қаржылай жәрдем қаратылды. Соның менен бирге, өз брендин дизимнен өткерген жергиликли кәрханалардың үштен бир бөлеги сыртқы базарларға шықпағаны атап өтилди. Бул бағдарда миллий брендлеримизди сыртқы базарларға алып шығыў, оларды демпинг ҳәм контрафакт өнимлерден қорғаў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.

Атап өтилгениндей, сыртқы саўда жүклериниң 70 проценти темир жол арқалы тасылады, бирақ бул бағдарда исбилерменлерден ең көп шағымлар келип түспекте. Жүк вагонларының жетиспеўшилиги ҳәм айырым темир жол линияларында жүклердиң көплиги себепли логистика қыйыншылықлары жүзеге келмекте. Жуўапкерлерге қосымша ҳәрекетлениўши поездларды тартыў, сондай-ақ, Жәҳән банки менен темир жол инфраструктурасын раўажландырыў ушын 200 миллион доллар тартыў бойынша келисимге ерисиў ўазыйпасы қойылды.

Жоқары дәрежедеги сапарлар шеңберинде ерисилген келисимлердиң орынланыўы да көрип шығылды. Кейинги жылларда 52 әмелий сапарда улыўма баҳасы 213 миллиард долларлық 1 мың 617 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилген. Енди бул "жол карталары"ның орынланыўы Есап палатасы ҳәм Сыртқы ислер министрлигиниң қатаң қадағалаўында болады.

Бас министрге тармақ басшылары, ҳәкимлер ҳәм елшилер менен бирге ҳәр ҳәптеде жойбарлардың орынланыўын мәмлекетлер кесиминде додалап барыў тапсырылды. Президент Администрациясына экономикалық дипломатия, инвестицияларды тартыў ҳәм экспортты раўажландырыў бойынша дипломатиялық ўәкилханалардың жумысын қайта көрип шығыў, өз ўазыйпасын орынлай алмай атырған басшылардың орнына жас ҳәм заманагөй пикирлейтуғын кадрларды усыныс етиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте инфляцияны азайтыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелерине де итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, алдын ўәлаят ҳәкимлери январь-июнь айларында инфляцияны 3 проценттен арттырмаў бойынша миннетлемелер алған болса да, айырым аймақларда бул ўазыйпа орынланбаған. Атап өтилгениндей, гөштиң баҳасы артқаны себепли импорт етилип атырған гөштиң авиақатнаў қәрежетлерин қаплаў ушын 300 миллиард сум ажыратылған.

Атап өтилгениндей, аўыл хожалығын хатлаў нәтийжелери шарўашылықтағы жағдайдың объектив көринисин алыў имканиятын берди. Шарўашылық тараўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын қосымша қаржы қаржылары ажыратылады. Жылдың ақырына шекем 100 мың бас қарамал, 150 мың бас қой-ешки импорт етиў ўазыйпасы қойылды.

Мийўе-овощ ҳәм картошка резервлерин қәлиплестириў, музлатқышлы қоймаханалар қурыў ҳәм азық-аўқат резервлерин толықтырыў бойынша да анық илажлар белгиленди. Жылдың ақырына шекем улыўма қуўатлылығы 87 мың тонна болған 340 суўытқышлы қоймахананы пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы дүнья экономикасында анықсызлық қанша ўақыт даўам ететуғынын ҳеш ким алдыннан болжай алмайтуғынын атап өтти. Тийкарғы бирге ислесиўши мәмлекетлерде экономикалық жеделликтиң төменлеўи жергиликли кәрханалар, бәринен бурын, экспортшылардың жумысына тәсир көрсетиўи мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен барлық басшылар ҳәр қандай қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда, бар резервлерди мобилизациялаўға таяр болыўы керек екенлиги атап өтилди. Тармақлар ҳәм аймақларға бириктирилген "ақыл орайлары" менен бирге 15-августқа шекем илимий тийкарланған усыныслар таярланады.

Бул усыныслар "ресурс - инфраструктура - жойбар - өндирис - бюджетке түсим - экспорт" шынжырын комплексли раўажландырыўға қаратылады. 2027-жылға мөлшерленген макроэкономикалық параметрлер, бюджет, инвестиция ҳәм экспорт бағдарламалары жаңаша қатнас - "мобилизациялық сценарий" тийкарында ислеп шығылады.

Мәжилисте министрлер, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есабаты, орынларда тапсырмалардың орынланыўын шөлкемлестириў бойынша режелери тыңланды.