Бул жойбар Өзбекстан тарийхындағы ең ири халықаралық космослық жойбарлардан бири болып, миллий космослық бағдарламаны раўажландырыўда жаңа басқышты баслап береди. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қытай арасында илимий-технологиялық бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет етпекте.

Жойбар шеңберинде "Өзбеккосмос" агентлиги қәнигелери жасалма жолдастың борт системасы ушын арнаўлы жасалма интеллект модулин ислеп шықты. Бул технология гиперспектрал мағлыўматларды тиккелей орбитада қайта ислеў имканиятын береди, мағлыўматты узатыў ҳәм кейин ала таллаў нәтийжелилигин арттырады.

Samarkand-2028” миссиясы космослық технологияларды аўыл хожалығы, экология, тәбийғый ресурслар мониторинги, суў ресурсларын басқарыў, айрықша жағдайлардың алдын алыў, қала қурылысы ҳәм басқа да стратегиялық әҳмийетли бағдарларда қолланыў имканиятларын кеңейтеди.

Samarkand-2028” атамасы рәмзий мәниге ийе. Бул 2025-жылы Сиднейде болып өткен Халықаралық астронавтика конгрессинде (IAC) қабыл етилген қарарға бола, 79-Халықаралық астронавтика конгресси 2028-жылы Самарқандта өткерилиўи менен байланыслы.

Жойбардың әмелге асырылыўы Өзбекстанның жәҳән космослық жәмийетшилигиндеги қатнасын кеңейтиў, миллий инженерлик потенциалын раўажландырыў, жасалма интеллект ҳәм космослық технологиялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Толық иске түсириў жазыўын силтемелер арқалы көриў мүмкин:

YouTube: https://www.youtube.com/live/wrJzZe_G9wk?feature=shared

LinkedIn: https://www.linkedin.com/events/7490552641425465344/theater