Поезд қурамында ағашты қайта ислеў ҳәм азық-аўқат санааты өнимлери, сондай-ақ, жоқары қосымша қунлы товарлар тасылмақта. Жүклердиң бир бөлеги Өзбекстан аймағы арқалы Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға өтеди.

Поезд дерлик 4 мың км узынлықтағы жолды тек ғана 7 суткада басып өтип, Беларусь ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында экспорт-импорт жүклерин тез ҳәм нәтийжели жеткерип бериўди тәмийинлейди.

Екинши поезддың жолға қойылыўы жаңа транспорт-логистика хызметине болған талаптың артып баратырғанынан дәрек береди ҳәм Өзбекстан аймағы арқалы өтетуғын жөнелистиң нәтийжелилигин тастыйықлайды.