Ҳүжжетке бола, Министрлер Кабинети структурасында жаңа секретариат шөлкемлестириледи. Оның штат бирлиги 12 адамды қурайды. Олардан бесеўи Министрлер Кабинетиниң Социаллық раўажланыў мәселелери бөлими есабынан, және жетеўи қайта шөлкемлестирилген Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң штатларын оптималластырыў нәтийжесинде ажыратылады.
Бас министрдиң биринши орынбасары - билимлендириў ҳәм илим министрине пәрманға қосымшаға муўапық республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, сондай-ақ, басқа да шөлкемлер бириктириледи.
Лаўазымлы шахс берилген ўәкилликлер шеңберинде министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекциялар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жумысына улыўма басшылық етеди ҳәм муўапықластырады. Муўапықластырыў билимлендириў, илим ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы ўазыйпаларды орынлаўға қаратылады.
Министрлер Кабинетине еки ҳәпте мүддетте Бас министрдиң биринши орынбасары – билимлендириў ҳәм илим министриниң функционал ўазыйпалары және жаңа секретариат ҳаққындағы реже тастыйықланатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етиў тапсырылды.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 12.10.2026-жылдан күшке кирген.